Бәринен бурын, өз өмирин аўыл хожалығы тараўына бағышлаған сиз, әзизлерди, бул ийгиликли кәсиптиң барлық хызметкерлерин қутлы байрам - Аўыл хожалығы хызметкерлери күни менен шын жүректен қутлықлайман.
Усы қуўанышлы күнде сизлердиң аўыл хожалығы тараўын, улыўма, мәмлекетимиз экономикасын жедел раўажландырыў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы үлкен хызметлериңизди және бир мәрте миннетдаршылық пенен атап өтемиз.
Быйыл климат өзгериўи менен байланыслы қыйыншылықларға қарамастан, сизлер менен биргеликте аграр секторды раўажландырыўда кескин бурылыс жасай алдық.
Ғаўаша, ғәлле, мийўе-овошлардың жаңа сортларын егиў, заманагөй агротехнологияларды енгизиў есабынан жоқары зүрәәтлиликке ерисилди.
Быйыл 3 мыңнан аслам дийқан-фермердиң пахта зүрәәтлилиги 50-60 центнерден, олардың 1 мың 500 и 70 центнерден, ғәллешиликте болса 3 мың 500 ден аслам тәжирийбели фермердиң орташа 100 центнерден зүрәәт алыўы, әлбетте, бул тараўлардың раўажланыўында жаңа басқыш басланғанынан дәрек береди.
Аўыл хожалығының экспорт потенциалы артып атырғаны да дыққатқа ылайық. Усы жылдың өзинде мийўе-овош өнимлеримизди сатып алыўшы мәмлекетлердиң саны 18 ге, яғный 83 ке көбейди.
Бул көрсеткишлер артында дийқан ҳәм фермерлеримиздиң, кластер хызметкерлериниң, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында өзиниң сабырлылығы ҳәм мийнеткешлигин көрсеткен ҳәр бир инсанның мийнети, мәртлиги, пидайылығы бар, десек, дурыс болады. Бул байрам алдынан сизлер менен быйылғы жылда әмелге асырған жумысларымызды ҳәр тәреплеме додалап, аграр тараўдың 110 ўәкили мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды. Оларды мине усындай жоқары итибар менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Бүгин глобал климат өзгериўи, суў ресурсларының жетиспеўшилиги шараятында халқымыздың сапалы азық-аўқат өнимлерине болған талабын тәмийинлеў ең тийкарғы ўазыйпаға айланды. Барлық бағдарларда болғаны сыяқлы аўыл хожалығында да заманагөй билим, тәжирийбе ҳәм инновациялық көзқараслар тийкарында ғана гөзлеген ийгиликли мақсетлеримизге ерисе аламыз. Буны дийқан ҳәм фермерлеримиз де терең сезбекте. Буған жақында Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында тараўда жүз берип атырған өзгерислер менен танысыў ўақтында және бир мәрте исеним пайда еттим.
Аўыл хожалығы тараўында Жаңа Өзбекстанның стратегиялық бағдарын әмелге асырыўда мен бәринен бурын сизлерге, аграр тармақта мийнет етип атырған 3,5 миллионнан аслам ўатанласларымызға сүйенемен. Өз гезегинде сизлер ушын барлық зәрүр шараятлар менен имканиятларды тәмийинлеўге таярман.
Себеби, аўыл хожалығымыздың келешеги - пүткил елимиздиң келешеги.
Келеси жылдан пахта өниминиң 50 процентин өз есабынан қосымша тәртипте жетистирген фермерлерге 5 процентлик субсидия, салық, лизинг ҳәм кредит бойынша қарызы болмаған фермерлерге 2 процентке шекем төменлетилген ставкада жеңиллетилген кредитлер бериледи.
Аўыл хожалығында субсидияларды басқарыўдың жаңа системасын енгиземиз, бурын 6 министрлик тәрепинен берилетуғын 53 түрдеги субсидиялар енди тек ғана Аграр тараўдағы төлемлер агентлиги тәрепинен әмелге асырылады. Буннан тысқары, субсидия ажыратыўда артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырамыз, фермер ҳәм дийқанлар субсидия алыў ушын тек ғана электрон платформа арқалы мүрәжат етеди.
Және бир жаңалық. Аўыл хожалығында өнимди қамсызландырыў бойынша жаңа системаны жолға қоямыз. Буннан былай оны қамсызландырыўда дийқан ҳәм фермерлердиң 50 процент қәрежети мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Зүрәәт жойтылғанда көрилген зыян Аўыл хожалығы қамсызландырыў қоры арқалы қаплап бериледи.
Өнимдарлығы төмен болған фермерлерди алдынғы фермер-устазларға бириктирип, өз-ара пайдалы система жаратамыз. Буннан тысқары, "Жаңа агроном" бағдарламасы шеңберинде 180 қәбилетли студенттен жоқары маман кадрлар таярлаймыз.
Тек ғана пахташылықта дийқан ҳәм фермерлерди қоллап-қуўатлаў ушын 35 триллион сум қаратылады.
Пахташылықтағы сыяқлы, ғәлле жетистирген фермерлерге де жетистирилген өнимниң 10 проценти муғдарында субсидия ажыратыў системасын енгиземиз. Бағшылықта үш жыллық бағдарлама тийкарында жаңа бағ ҳәм жүзим атызларын жаратыў, барларын жаңалаў жумысларын шөлкемлестирип атырмыз.
Балықшылықта нәсилди жаңалаў, нәтийжелилик ҳәм ашық-айдынлықты арттырыў мақсетинде жаңа раўажланыў бағдарламасын қабыл етемиз. Соның менен бирге, венгриялы ҳәм норвегиялы шериклеримиз бенен сазан ҳәм суўық суў балықларының нәсиллилигин жолға қойыў бойынша жумысларды баслаймыз.
Сырт елден нәсилли балық алып келиў қәрежетлериниң 50 проценти бюджеттен қаплап бериледи.
Балықшылық хожалықлары инкубация системалары, лабораториялар, жабық суў тәмийнаты үскенелерин импорт етиўде бажыхана бажысынан азат етиледи. Интенсив балықшылық шөлкемлестирген хожалықлар ушын жер ҳәм мүлк салықлары 2 есеге азайтылады.
Аўыл хожалығы имканиятларынан толық пайдаланыў мақсетинде "илим - билимлендириў - өндирис" интеграциясын тәмийинлейтуғын Аўыл хожалығы илимлери академиясын шөлкемлестиремиз.
Мине усындай кең көлемли ўазыйпаларды табыслы әмелге асырыўда сиз, әзизлер белсене қатнасып, тараўдың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге мүнәсип үлес қосасыз, деп исенемен.
Сизлерди бүгинги қутлы әййям менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық тилеймен.
Быйылғы жылдағыдай, буннан былай да мийнет жолыңыз табыс ҳәм жетискенликлер менен даўам етсин!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти