баннер
23 Mar 2025
16:06

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Наўрыз улыўмахалықлық байрамына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи

    Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды әййемги ҳәм бәрқулла нәўқыран байрам - Наўрыз байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

    Ассалаўма әлейкум, әзиз ўатанласлар!

    Ҳүрметли ветеранлар, қәдирли жаслар!

    Әзиз апа-қарындаслар, ҳүрметли мийманлар!

    Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды әййемги ҳәм бәрқулла нәўқыран байрам - Наўрыз байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

    Бүгинги жарқын күнди елимиз бенен тыныш-татыў күтип алып атырғанымыз ушын Жаратқанға шексиз шүкирлер айтамыз.

    Быйылғы Наўрыз муқаддес Рамазан айында, оның теберик пазыйлетлерине үнлес ҳалда өтип атырғаны байрамға айрықша руўх, өзгеше пайыз ҳәм қуўаныш бағышламақта.

    Қәлблеримиз қуўанышқа толған усындай берекетли күнлерде елимиз мөмин-мусылманларын, пүткил ислам үмметин Рамазан менен және бир мәрте қутлықлап, барлық пәк нийетлеримиз орынланыўын тилеймиз.

    Сырт мәмлекетлерде ана ўатан меҳрин ҳәм сағынышын сезинип жасап атырған ўатанласларымызды да шын жүректен қутлықлап, жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

    Усындай қуўанышлы ҳәм уллы күнлер бәршемизге мүбәрек болсын!

    Қәдирли дослар!

    Наўрыз әлем 3 мың жыллық мәмлекетшилигимиз тарийхында өзиниң шексиз руўхый әҳмийети менен бәрқулла айрықша итибарға ийе болған уллы байрам болып есапланады.

    Бул бийбаҳа әййям ҳаққында жазылған илимий-тарийхый ҳәм көркем шығармалар соншелли көп, олар ҳақылы түрде миллий мийрасымыздың өлмес дүрданаларына айланған.

    Халқымыз әсирлер даўамында аўыр ҳәм машақатлы, сынақлы ўақытларда да бул байрамды уллы тәбияты ҳәм қәдириятлары менен қәстерлеп сақлап киятырғаны ҳақыйқый әжайыбат болып есапланады.

    Наўрыздың бийтәкирар гөззаллығы, адамгершилик руўхы ҳәм терең философиясы глобалласыў дәўиринде де пүткил инсаниятты таң қалдырып атырғаны оның әзелий мәниси ҳәм өмир бағышлаўшы күшинен дәрек береди.

    Әсиресе, инсанның тәбият ҳәм барлық пенен үнлеслиги, дөретиўшиликке умтылыўы, күш-ғайраты, өз-ара аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат сыяқлы уллы пазыйлетлери Наўрыз тымсалында және де айқын көринеди.

    Наўрыз күнлеринде баба дийқанларымыз ырысқы-несийбемиз, дастурханымыздың қут-берекетин ойлап, ана жерге өз меҳрин бағышлайды, мол зүрәәт алыў нийетинде беккем бел байлайды.

    Усы мәниде, Мир Әлийшер Наўайы бабамыздың "Дийқан, дән шашар, жерди сүрип ырысқы жолын ашар" деген сөзлеринде терең турмыслық мәни жәмленген.

    Кеўлимизде мийнет ҳәм дөретиўшилик, ояныў ҳәм жасарыў заўқы барған сайын күшейип атырған мине усындай бәҳәрги мәўритлерде мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримиз, бағман ҳәм шарўаларымызға айрықша ҳүрмет билдиремиз.

    Сөзсиз, жоқары дөретиўшилик руўхы Жаңа Өзбекстанымызда әмелге асырылып атырған үлкен реформалар ҳәм жедел өзгерислердиң тийкарғы мазмуны ҳәм ийгиликли идеяларына үнлес болып есапланады.

    Бүгин мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, социаллық әдиллик принциплерин беккемлеў, халықтың дәраматлары ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў жолында исенимли қәдемлер қоймақтамыз.

    Елимизде көплеген заманагөй санаат комплекслери, инфраструктура ҳәм логистика тармақлары, автомобиль ҳәм темир жоллар қурылмақта.

    Бизнес, "Ай-Ти" ҳәм туризм тараўлары жедел раўажланбақта.

    Мыңлаған жаңа имарат ҳәм турақ жайлар, бақша ҳәм мектеплер, жоқары оқыў орынлары, емлеўханалар, мәденият ҳәм спорт дәргайлары қурылмақта.

    Қала ҳәм аўылларымыз, пүткил елимиздиң келбети барған сайын гөззал ҳәм абат болып бармақта.

    "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде елимизде жаңа екологиялық орталық жаратылмақта.

    Ҳәр жылы миллионлаған нәллер егиў, жасыл бағлар жаратыў, ҳайўанат дүньясын қәстерлеп сақлаў, ҳәр бир қарыс жерден үнемли пайдаланыў сыяқлы жоқары экологиялық мәдений қәдириятлар күнделикли турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланбақта.

    "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" мәмлекетлик бағдарламасы шеңбериндеги үлкен жумысларымыз бул процесслерди және де жоқары басқышқа алып шығатуғынына исенемен.

    Бизге белгили, халқымыз бурын Наўрызды «жыл басы» деп атаған. Биз де ата-бабаларымыз сыяқлы усы әжайып күнде жақсы нийетлер етемиз:

    Шығысқа тән Жаңа жылымыз қутлы келсин, дәрьяларымыз суўға, қоймаханалырымыз өнимге толсын!

    Қурылысшыларымыз, әзиз ҳәм ҳүрметли устаз-муғаллимлеримиз, пидайы шыпакерлеримиз, экономикамыздың сүйениши болған ғайратлы исбилерменлиримиз, елимиздиң қорғаўшылары ҳәмийше саў-саламат болсын!

    Алдымызға қойған үлкен шеклер ҳәм уллы режелер толық әмелге ассын!

    Ҳүрметли ўатанласлар!

    Наўрыз – жаслық ҳәм жигер әййямы болып есаланады.

    Өмирге үлкен арзыў-нийетлер менен кирип киятырған жасларымыз Жаңа Өзбекстанның алдынғы ҳәм қүдиретли күшине айланып атырғанына ҳәммемиз гүўамыз.

    Жигерли, талантлы перзентлеримиздиң исенимли ҳәм мәрдана ҳәрекетлери пүткил дүньяда айрықша көзге тасланып атырғаны бизди оғада қуўандырады.

    Бүгин мәмлекетимиздеги жоқары технологиялық кәрханаларды басқарып атырғанлар – тийкарынан билимли ҳәм тәжирийбели жасларымыз болып есапланады.

    Исбилерменликтиң раўажланыўына жаңа күш ҳәм ғайрат берип атырған да ақыллы, белсенди ҳәм исбилермен ул-қызларымыз болып есапланады.

    Шегараларымызда бәрқулла сергек турған әскер ҳәм офицерлер де мәрт улларымыз болып табылады.

    Илим, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер тараўларында Ўатанымызды дүньяға танытып атырғанлар да жаслар болып есапланады.

    Атап айтқанда, елимизди дүньяға танытыўда жас спортшыларымыздың айрықша орны ҳәм үлеси бар.

    Халқымызға ҳәр тәреплеме мүнәсип болған бундай нәўқыран әўладымызға мақтаўлар болсын!

    Әзиз перзентлерим, сизлер Ўатанымыз аспанында жарқын жулдызлар болып жанатуғын ўақыт келди.

    Бул уллы мақсет жолында мине, усы Наўрыз пасылында туўылған Абухолиқ Ғиждуўаний, Баҳаўаддин Нақшбанд, Мырза Улығбек, Зульфияханым, Азат Шарафиддинов, Абдулла Орипов сыяқлы ойшыл ғайраткерлер сизлер ушын шын мәнисиндеги ибрат үлгиси болып есапланады.

    Елимиздеги шексиз имканиятларды әмелий нәтийжелерге айландырыў ушын тынымсыз ҳәрекет етиң!

    Қай жерде болмаң, қайсы тараўда ислемең, миллий қәдириятларымызға, өзлигимизге, Ўатанымызға мүнәсип ҳәм садық болың!

    Ҳеш қашан умытпаң, артыңызда сәлкем 38 миллионлық уллы халық, Президент турыпты.

    Сизлерге бәрқулла әўмет ҳәм жеңислер қутлы болсын!

    Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

    Наўрыздың бийтәкирар гөззалығы, бәринен бурын, тоғыз ярым мыңға шамалас мәҳәллемизде өткерилип атырған халық сейиллеринде, байрам салтанатларында өз көринисин табады.

    Көп мың жыллық дәстүрлер ҳәм заманагөй қәдириятларымызды өзинде жәмлеген мәҳәлле системасының турмысымыздағы орны ҳәм тәсири барған сайын артып бармақта.

    Әсиресе, түрли машқала ҳәм мәселелерди мәҳәллениң өзинде шешип атырғанымыз реформаларымыздың халықшыллығы ҳәм нәтийжелилигин кескин арттырмақта.

    Жаслар тәрбиясы, тынышлықты тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықты исбилерменликке тартыў, социаллық қорғаў ҳәм ҳаял-қызлардың белсендилигин күшейтиў, экология ҳәм абатлық сыяқлы бир-биринен әҳмийетли ўазыйпалар мәҳәлле жетлиги системасы арқалы нәтийжели шешим таппақта.

    Бизге белгили, быйыл елимизде мәҳәлле басшыларының сайлаўлары болып өтеди.

    Халқымыз бул жуўапкершиликли процессте пидайы ҳәм ўатансүйиўши ўатанласларымыз ушын даўыс береди, деп исенемен.

    Мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме раўажландырыў буннан былай да итибарымыз орайында болады.

    Пурсаттан пайдаланып, ертең – 22-март күни мәмлекетимизде кеңнен белгиленетуғын Мәҳәлле системасының хызметкерлери күни менен барлық ўатанласларымызды, мәҳәлле белсендилерин қызғын қутлықлап, олардың абырайлы жумысында үлкен жетискенликлер тилеймен.

    Қәдирли ўатанласлар!

    Наўрыз бурыннан халқымыздың миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға, дүньялық мәмлекет принциплерине, кеңпейиллик, шын дослық ҳәм бирге ислесиў идеяларына садықлығының айқын символы болып есапланады.

    Бул әййям елимиздеги барлық миллет ҳәм халық ўәкиллери ушын сүйикли, шын мәнисте, улыўма халықлы байрамына айланған.

    Мине, усы қуўанышлы ўақытларда пүткил халқымызға мүрәжат етип айтпақшыман:

    бизиң күшимиз – аўызбиршиликте,

    қүдиретимиз – Ўатанға меҳир ҳәм садықлықта,

    жетискенлигимиз – өзимизге болған жоқары исенимимизде!

    Наўрыздың Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен халықаралық байрам сыпатында тән алынғаны бизге айрықша қанаатланыўшылық бағышлайды.

    Наўрыз байрамы ҳәзирги күнде барлық халықларды, соның ишинде, Орайлық Азия халықларын және де бирлестирмекте.

    Бүгинги имканияттан пайдаланып, шексиз регионымызда жасап атырған ҳақ нийетли инсанларды елимиз атынан қызғын қутлықлайман.

    Шын мәнисте дослық, туўысқанлық ҳәм бирге ислесиў мәканына айланып атырған регионымыз бәрқулла тыныш болсын, бәрқулла гүллеп-жайнасын!

    Усы жерде регионымыздың ҳүрметли зыялылары, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият ғайраткерлерине мүрәжат етип айтпақшыман.

    Әзиз дослар, сизлер айрықша талантыныз, ақыл-ойыңыз бенен әзелий туўысқанлығымызды, бирдей қәдирият ҳәм үрп-әдетлеримизди, жақсы умтылысларымызды көрсететуғын шығармалар дөретип, жасларымызды әйне, усы руўхта тәрбиялаўға үлес қоссаңыз, халықларымыз сизлерден, әлбетте, миннетдар болады.

    Бундай бәркамал дөретиўшилик үлгилери бүгинги қыйын дәўирде еллеримиз, әсиресе, жас әўладларымызға беккем мәнаўий қалқан болып хызмет ететуғыны гүмансыз.

    Усы айдын соңында ески Хўжанд қаласында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң үш тәреплеме ушырасыўы, мине, усы жылы және бир әмелий қәдем болады, деп исенемен.

    Пурсаттан пайдаланып, бүгинги байрамымызда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерин, барлық дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин ХАЛЫҚАРАЛЫҚ Наўрыз күни менен қызғын қутлықлаймыз.

    Мәмлекетлериңиз ҳәм халықларыңызға дослық сәлемин жоллаймыз.

    Ҳүрметли ўатанласлар!

    Бул умытылмас, гөззал мәўритлерде сиз, әзизлерди, барлық ўатанласларымызды Наўрыз байрамы менен және бир мәрте қутлықлайман.

    Ҳәр бир шаңараққа, пүткил елимизге тынышлық, бахыт-ығбал ҳәм қут- берекет тилеймен!

    Қәдириятларыңыз мәңги болсын, Наўрыз!

    Наўрыз байрамы мүбәрек болсын!

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech