Сапар бағдарламасына муўапық, Әмирликлер пайтахты Абу-Даби қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, сондай-ақ, БАӘниң жетекши шөлкемлери, компания ҳәм банклериниң басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар болып өтеди.
Өзбекстан Президенти "Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги" халықаралық саммитинде де қатнасады.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы Дубай қаласына барып, Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмири Шайх Муҳаммад Ол Мактум менен ушырасыў өткереди.