Сапар етиў шеңберинде Париж қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм илажлар, Францияның рәсмий ҳәм исбилермен топарлары менен бир қатар ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген.
Болажақ сөйлесиўлер күн тәртибинен көп қырлы Өзбекстан-Франция қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери орын алған.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық-финанслық тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, Францияның жетекши компаниялары ҳәм кәрханалары менен кооперация жойбарларын алға қойыўға тийкарғы итибар қаратылады.
Саммит жуўмағында ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық келисимлер топламын қабыл етиў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысы ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле менен ушырасып, шөлкем Бас конференциясының 43-сессиясына таярлық көриў ҳәм оны усы жылдың гүзинде Самарқанд қаласында өткериўдиң әмелий тәреплерин додалайды.
Болажақ сапар алдынан көплеген илажлар өткерилип атырғанын атап өтиў керек.
Атап айтқанда, 1-март күни Гретц-Арменвиль қаласындағы "Ураноскоп" обсерваториясы аймағында уллы ойшыл Әбиў Райхан Беруний тулғасы сәўлеленген естелик ашылды.
Усы күнлерде Париж қаласында денсаўлықты сақлаў, илим ҳәм билимлендириў, мәденият, туризм ҳәм бизнес тараўларында форум ҳәм әнжуманлар өткерилмекте. Тулуза, Лион ҳәм Ниццада биргеликтеги исбилерменлик илажлары болып өтеди.