Сапар бағдарламасына муўапық, Ал-Кувейт қаласында жоқары дәрежедеги еки тәреплеме сөйлесиўлер және усы мәмлекет ҳүкимети ағзалары, жетекши компаниялары ҳәм банк-финанс структураларының басшылары менен ушырасыўлар болып өтеди.
Болажақ саммит күн тәртибинен Өзбекстан - Кувейт дослық ҳәм көп қырлы шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў, саўда, инновациялар, инвестиция ҳәм қаржы, "жасыл" энергетика, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, инфраструктура, қала қурылысы, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алғаны нәзерде тутылған.
Мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм алмасыўларын кеңейтиў мәселелери де дыққат орайында болады. Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Кувейт жетекшилери халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин көрип шығады.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында бир қатар қоспа ҳүжжетлер ҳәм келисимлердиң қабыл етилиўи күтилмекте.