Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, бүгинги мәресимде қатнасып атырған барлық аймақлық студиялардың ўәкиллерин, нураный ветеранларымызды, илимпаз ҳәм уламаларымызды, кең жәмийетшилик ўәкиллерин, пүткил халқымызды мүбәрек Рамазан айы менен және бир мәрте шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман. Бүгинги қуўанышлы күнлерди тынышлық ҳәм татыўлықта күтип алып атырғанымыз ушын Жаратқанға шүкирлер айтамыз!

Жақсылық ҳәм мийрим-шәпәәт белгиси болған Рамазан айында ҳәммемиз биргеликте көплеген саўаплы әмеллерди әмелге асырамыз.

Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Мәҳәллелер бирлеспеси, Мусылманлар басқармасының "Вақф" қоры, орынлардағы "Инсан" орайлары, исбилерменлер кекселер ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлар, майыплығы болған шахслар, кем тәмийинленген шаңарақларға руўхый ҳәм материаллық жәрдем көрсетпекте.

Медицина бригадалары алыс ҳәм шетки аймақларға барып, ҳаял-қызлар, балалар, нураныйларды барып көрип, аўыр наўқасларды операция етпекте.

Усындай әжайып күнлерде ифтарлық илажларын өткериў де жақсы дәстүрге айланған. Булардың барлығы, әлбетте, инсан қәдирин улығлаў, жәмийетте тынышлық ҳәм улыўмахалықлық аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет етеди. Бүгинги ифтарлық мәресиминде елимизде жасап атырған түрли миллет ҳәм конфессия ўәкиллериниң қатнасып атырғаны да соннан дәрек береди.

Ҳәзирги оғада қәўетерли заманда тынышлықтың қандай уллы, шын мәнисинде бийбаҳа байлық екенин, ең үлкен байлығымыз 38 миллионнан аслам халқымыз татыў, аўызбиршиликли шаңарақ сыпатында жасап атырғанын және де терең аңламақтамыз.

Илажымызда Өзбекстандағы дипломатиялық корпус ўәкиллери де қатнаспақта. Биз буны динимиздиң қәдириятларына, инсаныйлық ҳәм кеңпейилликке, мәмлекетимиздиң ашық-айдынлық сиясатына болған ҳүрмет деп қабыл етемиз ҳәм оларға ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Қәдирли ўатанласлар!

Усы мүбәрек Рамазан күнинде халқымыздың үлкен интеллектуаллық потенциалы ҳәм пидәкерлик мийнети менен жаратылған бийбаҳа комплекс - Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының рәсмий ашылыў мәресиминде қатнаспақтамыз.

Бәринен бурын, ата-бабаларымыздың көплеген әўладларының арзыў-нийетлери әмелге асқан мине усы тарийхый ўақыя - илим, мәнаўият ҳәм ағартыўшылықтың ҳақыйқый байрамы менен бәршеңизди шын жүректен қутлықлайман.

Үш мың жыллық даңқлы тарийхымыз ҳәм бай мәдениятымыз, Жаңа Өзбекстанның үлкен имканиятларының айқын көриниси болған мине усындай бийтәкирар, саўлатлы комплекс жаратылғаны менен бәршеңизди, пүткил халқымызды қутлықлайман.

Ҳүрметли дослар!

Мәмлекетимизде раўажланған мәмлекет, еркин жәмийет тийкарын жаратыў ушын илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыўды бас мақсетимиз етип белгиледик. Себеби, муқаддес динимиз мине усыған шақырады.

Соның ушын биз Ислам цивилизациясы орайындағы Улығбек порталына муқаддес Қураны кәримниң "Иқра!" - "Үйрен!" деген сүрени келтиргенбиз. Ҳақыйқатында да, бул илаҳий хабарда ислам дининиң мазмун-мәниси жәмленген.

Хабарыңыз бар, буннан тоғыз жыл бурын бул комплексти қурыў бойынша арнаўлы қарар қабыл етип, әмелий жумысларды баслаған едик. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында жәрияланған ийгиликли басламамыз дүнья жәмийетшилиги, әсиресе, ислам дүньясы тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Биз бундай үлкен жойбарды әмелге асырыўға пуқта таярлық көрдик, ҳәр бир детальды ойлап, ҳәр тәреплеме илимий излениўлер алып бардық.

Мине, көрип турғаныңыздай, әзелден Ташкенттиң руўхый орайы есапланған Ҳәзирети Имам комплекси жанында миллий руўх пенен суўғарылған, тәкирарланбас архитектуралық көриниске ийе пүткил Шығыс қаласы бой тиклеген.

Орайдағы бирден-бир ағартыўшылық мәканда бир ўақыттың өзинде Өзбекстанның әййемги тарийхы ҳәм цивилизациясының дүрданаларын көриў, өзбек халқының интеллектуаллық ҳәм мәдений потенциалына анық исеним пайда етиў мүмкин.

Бул жерде ҳәр бир инсан, әсиресе, жасларымыз ислам дининиң ҳақыйқый қәдириятларын, қандай уллы мийрастың мийрасхорлары екенимизди терең түсинип жетеди.

Ҳүрметли мәресим қатнасыўшылары!

Ҳәр қыйлы цивилизация ҳәм мәдениятлар кесилиспесинде жайласқан әййемги жеримиз әзелден Уллы жипек жолының раўажланыўында әҳмийетли орын ийелеген. Исламға шекемги дәўирде де илим-ағартыўшылық орайы сыпатында белгили болған.

Ислам дининиң тарқалыўы менен әййемги Түркстан үлкесинде ҳәдис ҳәм калом, мусылман ҳуқықы, суфизм бойынша ири илимий мектеплер қәлиплесе баслады, онлаған уллы ойшыллар өзлериниң бийбаҳа шығармаларын жаратты. Илимпазлардың мийнетлери анық ҳәм тәбийий пәнлер тараўындағы ашылыўлары менен таң қалдырды. Ҳәзирги күнде пүткил дүньяға белгили болған бул бийбаҳа китаплардың "Бисмиллаҳир раҳмонир раҳим" ("Меҳрибан Аллаҳтың аты менен баслайман") деген муқаддес сөзлер менен басланыўы оларды жаратыўшылардың муқаддес динимиздиң нәсиятларынан күш-қуўат алғанынан дәрек беретуғыны дыққатқа ылайық болып есапланады.

Оларды және де терең үйрениў ҳәм пүткил дүньяға үгит-нәсиятлаў мақсетинде тек ғана елимиз емес, ал кең регионымыздың бул руўхый байлығын "Ислам цивилизациясы" деген улыўма атама менен көрсетиўге қарар етилди.

Әлбетте, ҳәзирги қыйын шараятта ең жоқары заманагөй талапларға жуўап беретуғын бундай ири комплексти қурыў аңсат болған жоқ. Соның менен бирге, Орайдың қурылысы менен бир ўақытта илимий излениўлер алып барып, өткен дәўирде әййемги мийрасымыздың бурын белгисиз болған көплеген сийрек ушырасатуғын естеликлерин аштық.

Халықаралық экспертлердиң тән алыўынша, биз Өзбекстанда ислам цивилизациясы мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша өзимиздиң илимий мектебимизди жарата алдық. Қандай үлкен имканият ҳәм интеллектуаллық потенциалға ийе екенимизди дүньяға көрсетти. Ҳәм буның менен мақтаныўға ҳақылы.

Бийтәкирар комплекс дерлик 10 гектар майданда жайласқан болып, имараттың улыўма пайдаланыў майданы 50 мың квадрат метрди қурайды.

Бул жерде "Өзбекстан жеринде исламға шекемги дәўир", "Биринши ҳәм Екинши Ренессанс", "Жаңа Өзбекстан - үшинши Ренессанс тийкары" экспозиция заллары шөлкемлестирилген. Бул бағдарлардың ҳәр бири ҳаққында, әлбетте, узақ айтыў мүмкин.

Музей экспозицияларын қәлиплестириў ҳәм байытыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Тек ғана өткен жылдың өзинде оларды 1,5 мыңнан аслам экспонат, атап айтқанда, 800 ге шамалас әййемги қолжазбалар, археологиялық табылмалар ҳәм тарийхый карталар байытты.

Сондай-ақ, сырт елдеги аукцион үйлери, ири коллекционерлер ҳәм арт-дилерлер менен бирге ислесиў жолға қойылып, 743 экспонат түп нусқасы елимизге алып келинди. Бурын бундай кең көлемли жумыслар исленбеген еди.

Бул экспонатлардың ҳәр бири уллы өтмишимиз, мәдениятымыз ҳәм миллий өзлигимиздиң тымсалы екенин атап өтиў керек. Олар заман сынақларынан шыдамлылық пенен өтип киятырған халқымыздың жоқары ақыл-парасаты, дөретиўшилик мийнети, бийтәкирар таланты ҳәм шеберлигинен дәрек береди.

Тарийх сөйлеген, ибрат алған жерде әлбетте, илим, ағартыўшылық ҳәм абаданлық болады, усы тийкарда өз жолын таңлаған адам ҳеш қашан адаспайды!

Орайдағы тийкарғы тартымлы орын, атап айтқанда, оның жаны, әлбетте, муқаддес Қураны кәрим залы болып есапланады. Дүньядағы ең әййемги 6 Қураннан бири - Усман Қураны бүгин бул жерде өзиниң мүнәсип ҳүрметли орнын ийелеген. Залда Қуранның ҳәр қыйлы дәўирлерге тийисли сийрек ушырасатуғын қолжазбалары да жәмленген.

Усы қутлы әййямда олардың атынан шығып атырған қут-берекетлер елимизде тынышлық-татыўлықты беккемлеўге, абаданлықты тәмийинлеўге хызмет ететуғынын Алладан сорап қаламыз.

Әзиз дослар!

Ислам цивилизациясы орайына тек ғана 2025-жылдың өзинде мыңлаған сырт ел мийманларының келиўи пүткил дүньяда оған болған үлкен қызығыўшылық ҳәм итибарды көрсетпекте.

Олардың арасында мәмлекет, парламент ҳәм ҳүкимет басшылары, депутатлар, сенаторлар ҳәм лордлар, министрлер ҳәм елшилер, илимпазлар ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, диний шөлкемлердиң басшылары бар екенлигин атап өтиў керек.

Орайды жойбарластырыў, қурыў ҳәм заманагөй мәлимлеме технологиялары менен үскенелеў жумысларында Франция, Қытай, Уллы Британия, АҚШ, Бирлескен Араб Әмирликлери, Россия, Түркия, Германия, Испания, Италия, Малайзия, Әзербайжан, Саудия Арабстаны, Ҳиндстан, Орайлық Азия ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлерден жоқары маманлықтағы қәнигелер де белсене қатнасты.

Комплекстиң жаратылыўына мүнәсип үлес қосқан шебер жойбарлаўшылар, қурылысшы ҳәм инженерлер, илимпаз ҳәм уламалар, сырт елли шериклер ҳәм экспертлерге, атап айтқанда, Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша пүткил жер жүзилик жәмийеттиң ағзаларына шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Мине усындай үлкен имараттың қурылысына қәўендерлик көрсеткен жергиликли ҳәм сырт елли исбилерменлерге, мәденият ҳәм спорт ғайраткерлерине айрықша рахмет. Атап айтқанда, ҳүрметли ўатанласымыз, белгили меценат ҳәм исбилермен Алишер Бурханович Усмановқа бириншилер қатарында баслама көрсетип, зәрүр қаржы, идея ҳәм сийрек ушырасатуғын тарийхый экспонатлар менен тәмийинлегени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Халқымыз уллылықты, кеңпейилликти жоқары қәдирлейди. Бундай уллы иске қосқан үлесиңизди ҳеш қашан умытпаймыз. Сизлерге көп-көп рахмет!

Ҳүрметли ўатанласлар!

Мен дүньяның қайсы мүйешинде болса да, тарийхымызға байланыслы ҳәзирге шекем белгисиз болған қолжазба бет ямаса экспонатларды таўып, Ўатанымызға алып келиўди әрман ететуғын едим. Мен Ислам цивилизациясы орайын қурыўға кирискенимде әйне усындай ўазыйпаны қойған едим.

Бүгин, Жаратқанға шүкир, оны әмелге асырыўға еристик. Биз бул жумысларды, әлбетте, даўам еттиремиз.

Дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринде сақланып атырған сийрек ушырасатуғын қолжазбаларды анықлаў ҳәм үйрениў мақсетинде жаңа халықаралық илимий экспедициялар шөлкемлестиремиз. Буның ушын зәрүр қаржы ҳәм имканиятларды излеп табамыз. Бул бағдардағы жумысларға жергиликли ҳәм сырт ел илимпазларын, дүньяның жетекши илимий орайларын тартамыз.

Орайдың халықаралық жумысын шөлкемлестириў мақсетинде биз бул жерде АЙСЕСКО, ИРСИКА, Оксфорд исламды үйрениў орайы, Франциядағы Темурийлер дәўири тарийхы ҳәм көркем өнерин үйрениў ассоциациясы, ТҮРКСАЙ сыяқлы шөлкемлердиң офислерин ашыў басламасын алға қойдық. Енди олар менен бирге ислесиўди күшейтиў ушын барлық шараятларды жаратамыз.

Сондай-ақ, муқаддес динимиздиң қәдириятларын қәстерлеп сақлаў, руўхый-ағартыўшылық тараўды раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған Өзбекстан мусылманлары басқармасы да орайда жаңа резиденцияға ийе болды.

Бул ағартыўшылық дәргайында ислам мийрасын терең үйрениў, диний уламалар, имам-хатиблердиң маманлығын арттырыў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша жумысларды шөлкемлестирсек, мақсетке муўапық болады, деп ойлайман.

Жақын келешекте БМШ бас резиденциясында Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайларының презентацияларын да өткеремиз.

Бир сөз бенен айтқанда, бул Орай руўхый-ағартыўшылық жумысларымыз ушын фундаменталь база болады. Бул жерде Өзбекстан халықаралық ислам академиясының жоқары курс студентлери билим алады, оқытыўшылар билим ҳәм маманлығын арттырады. Орай жасларымызға беккем руўхый таяныш болыўы, жаңа Хорезмийлер, Беруний ҳәм Улығбеклер, Ферғаний ҳәм Ибн Сина, Бухарий ҳәм Термизийлердиң жетисип шығыўына хызмет етиўи керек.

Орайдың бул тарийхый ўазыйпасын орынлаў ушын илим ҳәм мәнаўият тараўының ўәкиллери - ҳүрметли илимпаз ҳәм изертлеўшилер, шайыр ҳәм жазыўшылар, уламалар, режиссёр ҳәм художниклер, журналистлер, дөретиўши жасларға мүрәжат етпекшимен.

Ислам цивилизациясы орайындағы ҳәр бир экспонат қаншелли бийбаҳа екенин сизлер ҳәммеден де жақсы түсинесиз. Оларды үгит-нәсиятлаў, халқымызға, дүнья жәмийетшилигине жеткериўде биз бәринен бурын сизлерге сүйенемиз.

Мине, усындай бийбаҳа мийрастан илҳамланған илимий изертлеўлериңиз, көркем әдебият, кино ҳәм театр көркем өнери дөретпелериңиз, сүўрет ҳәм көрсетиўлериңиз халқымыздың үш мың жыллық тарийхы ҳәм мәдениятының ҳаўазы сыпатында дүнья жүзинде жаңласын. Олар Жаңа Өзбекстанды тынышлық ҳәм жақсылық, илим ҳәм ағартыўшылық ели сыпатында улығлап, жасларымыздың тәрбиясына хызмет етсин!

Ҳүрметли мәресим қатнасыўшылары!

Өз ўақтында Мырза Әлийшер Наўайы уллы Мырза Улығбек жаққан илим ҳәм ақыл шамшырағының әсирлер даўамында өшпеслигин әрман еткен.

Бүгин де умтылысларымыз шайыр ҳәм ойшылдың өлмес сөзлери менен үнлес.

Ислам цивилизациясы орайы бәрқулла мәмлекетте ҳәм пүткил дүньяда тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыўға хызмет етсин!

Мине, усындай уллы ислердиң дөретиўшиси болған халқымыз бахытлы болсын!

Гөззал Ўатанымызды Жаратқанның өзи сақласын!