Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, пүткил Өзбекстан ҳаял-қызларын 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен қызғын қутлықлайман.

Ҳаял-қызларсыз, олардың әжайып, уллы пазыйлетлерисиз жәмийеттиң раўажланыўын, турмысты көз алдымызға келтирип болмайды.

Үшинши Ренессанс дөретиўшилериниң 22 миллионлы жас әўладын ана меҳири менен тәрбиялап камалға келтирген уллы күш сизлерде, деп билемиз.

Сизлер ким болыўыңыздан - исбилермен ҳәм илимпазлар, муғаллимлер, шыпакер ҳәм инженерлер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, бәринен бурын, шаңарақ ҳәм жәмийетимиздиң таянышы, шаңарақтың периштеси есапланасыз.

Әзиз ҳаял-қызлар!

Биз елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, олардың машқалаларын шешиў бойынша жаңа система жараттық. Барлық нызам, пәрман ҳәм қарарларды қабыл етиўде гендер мәселелери бойынша экспертиза өткериўдиң ҳуқықый механизмлери енгизилди.

Буннан былай бирде-бир нызам оның ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерине тәсири баҳаланбай турып қабыл етилмейди.

Елимизде жаратылған кең имканият ҳәм шараятлар нәтийжесинде исбилерменлер топары қәлиплесип, олардың арасында 230 мыңға шамалас ҳаял-қызлар, аўыл хожалығы тараўында 12 мың фермер ҳаял-қызлар, илим тараўында 6 мыңнан аслам илимпаз ҳаял-қызлар жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, өткен жылы дүнья спорт майданларында қызларымыз 167 алтын, 193 гүмис ҳәм 243 бронза медалын қолға киргизгенин атап өтиў керек.

Ҳаял-қызларымыз турмысындағы бундай үлкен өзгерислер дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта. Атап айтқанда, Парламентлераралық аўқамның "Парламенттеги ҳаял-қызлар" рейтингинде Өзбекстан 92 текшеге көтерилип, 36-орынды, Гендер теңлик ҳәм басқарыў индексинде 103-орыннан 52-орынға, Жәҳән банкиниң "Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам" есабатында 43 текшеге жақсыланып, 48-орынды ийеледи.

Пурсаттан пайдаланып, ҳәр қыйлы тараўларда мийнет етип, өзиниң мийнети, таланты, интеллектуаллық потенциалы менен Жаңа Өзбекстанды қурыўға мүнәсип үлес қосып киятырған ҳаял-қызларымызға, халықаралық майданларда Ўатанымыздың абырайын арттырып атырған қызларымызға, олардың ата-аналары, устаз ҳәм тренерлерине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли мәресим қатнасыўшылары!

Ҳаял-қызларды жумыс ҳәм дәрамат пенен тәмийинлеў мәселеси бәрқулла итибарымыз орайында болып келмекте. Өткен жылы олардың бәнтлигин арттырыў ҳәм исбилерменликке тартыў ушын 23,5 триллион сум кредитлер ажыратып, 425 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинледик ҳәм исбилерменликке тарттық.

Мәселен, тоқымашылық тараўында 300 ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинлеген Янгиариқ районынан Наргиза Бекмуратова өткен жылы екинши фабриканы ашып, және 100 жумыс орнын жаратқан. Ол 2025-жылы Анкара қаласында өткерилген халықаралық таңлаўда "Ҳаял-қызлар ушын ең көп жумыс орнын жаратқан исбилермен ҳаял" номинациясы бойынша жеңимпаз болды.

Мине, усындай интакер ҳаял-қызларымызды Жаңа Өзбекстанның дөретиўшилери, деп билемен. Оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярман.

Соның ушын быйылғы жылы 166 мың ҳаял-қыз заманагөй кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке, және 100 мыңы IT тараўына оқытылады. Соның менен бирге, олардың арасында үйде исбилерменликти жолға қойыў мақсетинде "Ҳаял-қызлар дәраматы" бағдарламасын әмелге асырамыз. Оның нәтийжесинде жетекши исбилерменлер жәрдеминде 50 мың ҳаял-қыздың жумыс орны, жумысты үйге алып ислеў, өнерментшилик, қусшылық, пал ҳәррешилик ҳәм қыйтақ жер хожалығы бағдарларында бәнтлиги тәмийинленеди.

Сондай-ақ, "Ҳамроҳ" бағдарламасы шеңберинде ҳаял-қызлардың 3 мың жойбарын әмелге асырыў ушын 1 триллион сум қаржы ажыратылады.

Улыўма етип айтқанда, усы жылы 1,5 миллион ҳаялды дәрамат пенен тәмийинлеў, олардың 400 мыңын исбилерменликке тартыў мақсетинде 25 триллион сумнан аслам қаржы қаратыўды режелестиргенбиз.

Бул жумысларға Бас министрдиң орынбасарлары Ж.Қўчқоров, З.Маҳкамова, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Б.Зоҳидов, Орайлық банк баслығы Т.Ишметов, ўәлаят ҳәкимлери жуўапкер болады.

Қәдирли ўатанласлар!

Бүгинги күнде елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелеринде 904 мыңнан аслам қызларымыз билим алмақта, бул болса студентлердиң улыўма санының 54 процентин қурайды.

Өткен жылы 60 қызымыз дүньяның ең абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға киргени бәршемизди қуўандырады, әлбетте. Сондай-ақ, стажёр-изертлеўшилер ҳәм докторантлардың 8,5 мыңы ямаса 61 проценти ҳаял-қызлар екени де итибарға ылайық.

Бүгинги илажда қатнасып атырған Кегейли районынан Индира Сатниязова, бухаралы Вазира Файзуллаева, наўайылы Машҳура Қудратованың халықаралық пән олимпиадаларында ерискен табыслары, бир қатар халықаралық стартап таңлаўларының жеңимпазы бувайдалы Дилафруз Журабаеваның абырайлы «Microsoft» компаниясы тәрепинен Өзбекстандағы елшиси сыпатында тән алыныўы айрықша итибарға ылайық.

Жаңа оқыў жылынан баслап, жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик билимлендириў гранты ушын квоталарды 2 есеге арттырып, 4 мыңға жеткеремиз.

Топ-300 ди қурайтуғын жоқары оқыў орынлары менен қоспа билимлендириў системасы тийкарында магистратурада оқып атырған студент қызлардың контракт суммасы да мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи.

Енди ҳаял-қызлардың инновациялық идеяларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр жылы кеминде 10 бағдар бойынша стартап таңлаўлары өткериледи. Онда, ҳәр бир бағдар бойынша жеңимпазларға Инновация қорынан 500 миллион сумға шекем грант ажыратылады.

Мектептиң 11-класын питкерип, мәмлекетлик техникумларға оқыўға кирген қызларды кәсип-өнерге оқытыў толық мәмлекетлик грант тийкарында әмелге асырылады.

Бул жаңа шараятлар ҳаял-қызларымыз ушын үлкен имканиятлар ашады, деп ойлайман.

Ҳүрметли дослар!

Бизиң стратегиялық ўазыйпамыз - ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлыққа маўасасыз орталық жаратыўдан ибарат.

Усы ҳәптеде әҳмийетли Пәрманға қол қойдым. Буннан былай ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық ҳәм жәбир көрсетиўдиң ҳәр қандай көринисине қатаң система тийкарында және де кескин гүресемиз.

Және бир мәселеге тоқтап өтпекшимен. Ҳәзирги ўақытта жазаны орынлаў мәкемелеринде 2 мың 589 ҳаял-қыз жазаны өтеп атыр. Ҳәр қыйлы жағдайлар себепли, билмей жынаятқа қол урған бул ҳаял-қызлар да мәмлекет пуқаралары болып есапланады. Олардың социаллық реабилитацияланыўы, жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзаларына айланыўы ҳаққында да терең ойлаўымыз керек.

Жазаны өтеп атырған 1 мың 239 ҳаялдың орта мағлыўматы бар, бирақ кәсип-өнери жоқ. Олардың 443 и жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў тилегин билдирген. Соның ушын мине усындай ҳаял-қызлар менен мәнзилли ислесиў бойынша "Жаңа турмыс" бағдарламасын әмелге асырыўды баслаймыз.

Ишки ислер министрлиги Кәсип-өнер билимлендириўи агентлиги ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги менен биргеликте жазаны өтеп атырған ҳаял-қызларды 3-6 айлық кәсип-өнер бағдарламалары бойынша оқытыў, кейин ала оларға сертификат бериўди шөлкемлестиреди.

Судланған ҳаял-қызларға имтихан тапсырыў, жоқары оқыў орынларына кириў ҳәм аралықтан оқыў имканиятын жаратамыз. Контракт тийкарында оқыўға киргенлерге жазаны өтеп, жумысқа киргеннен кейин қайтарыў шәрти менен процентсиз ссуда ажыратылады.

Әзиз ҳаял-қызлар!

Жаңа Өзбекстан бүгин өз раўажланыўының жаңа басқышына исенимли қәдем қоймақта. Биз өз алдымызға инсанның абаданлығын, оның қәдир-қымбатын тәмийинлеўге хызмет ететуғын ең әҳмийетли мақсетлерди қойғанбыз. Себеби, ҳәр бир инсанның бахыты шаңарақтан басланады, шаңарақ болса, бәринен бурын, ҳаял-қызлар арқалы беккем болады. Бундай орталықта ғана мүнәсип келешек әўлад қәлиплесиўи мүмкин.

Әлбетте, бул бағдарда қызларымыздың руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбиясы шешиўши әҳмийетке ийе. Кемпир апа, аналардың нәсият ҳәм үгит-нәсиятлары арқалы оларда жақсылық, мийрим-шәпәәт, адамгершилик сыяқлы жақсы пазыйлетлер қәлиплеседи.

Мине усындай шаңарақларда тәрбияланған қызлар өзиниң тырысқақ минез-қулқы, пазыйлетлери, турмысқа мүнәсибети менен бәрқулла теңлеслери ушын үлги болған.

Бүгин жақсы тәрбия ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Усы мүнәсибет пенен ең аўыр сынақ күнлеринде шыдамлы болып, өмирин пүткил өмири менен шаңарағына, перзентлерине бағышлаған барлық апа-қарындасларымызға мүрәжат етпекшимен.

Биз 2026-жылды Мәҳәлле ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы, деп жәриялағанымыз бийкарға емес. Дүньядағы жағдай қаншелли кескинлесип атырғанын бәршемиз көрип турмыз. Мине, усындай қыйын шараятта елимиздеги тынышлық ҳәм татыўлық қаншелли бийбаҳа байлық екенин және де терең аңламақтамыз. Оларды қәстерлеп сақлаў ҳәр биримиздиң муқаддес миннетимиз.

Мине, усындай шараятта ел-журтымыздың тынышлығы ҳәм турақлылығын қәстерлеп сақлаў, шаңарақларымызда, перзентлеримиз ҳәм ақлықларымызда мине усындай уллы бахытқа шүкиршилик сезимлерин тәрбиялаўда жақсы нийетли апаларымыз ҳәм аналарымыз бизге үлги болады, деп исенемен.

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Өз мийнетиниң нәтийжесинен қанаатланыў, итибар ҳәм ҳүрметке сазаўар болыў инсан ушын үлкен бахыт.

Быйылғы қутлы әййям алдынан мен елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған бир топар ҳаял-қызларды ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медаллар менен сыйлықлаў ҳаққындағы Пәрманға қол қойдым. Сондай-ақ, дәстүрге бола, оқыў, дөретиўшилик, илим, спорт ҳәм жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип атырған және 28 қызымыз Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа ийе болды. Сыйлықланғанларды пүткил халқымыз атынан және бир мәрте қутлықлайман.

Әзиз ҳаял-қызлар!

Кейинги жылларда сизлер менен, пүткил халқымыз бенен биргеликте ҳақыйқый үлкен жумысларды әмелге асырдық.

Биз пидәкерлик мийнетимиз бенен пүткил дүнья халқының итибарына ериспектемиз. Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир тараў ҳәм тармақта өзине тән Жаңа Өзбекстан мектеби қәлиплеспекте.

Ҳәзирги қыйын заманда аўызбиршилигимизди беккемлеў, жоқары шеклерге ерисиў жолында және де аўызбиршиликли мийнет етиў биз ушын ең әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Мениң ең үлкен әрманым - Жаңа Өзбекстан ҳаял-қызлар өз турмысынан разы, бахытлы, тыныш ҳәм абадан жасайтуғын мәмлекетке айланыўы.

Сизлер сыяқлы пидәкер, ғайратлы, мийнеткеш ҳаял-қызларымыз, пүткил халқымыз бенен биргеликте бул ийгиликли мақсетлерге әлбетте, ерисемиз, деп исенемен.

Сөзимниң жуўмағында Өзбекстан ҳаял-қызларын жақынласып киятырған әжайып байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Бәршеңизге саў-саламатлық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық тилеймен.