Кеңестиң инаугурациялық мәжилисин шақырғаны ушын Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трампқа шын жүректен миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.
Сөзсиз, бүгинги саммит Президент Трамптың сиясий ерк-ықрары ҳәм прагматизминиң нәтийжеси болып есапланады.
Өзбекстан Тынышлық кеңесин дүзиў ҳаққындағы тынышлық орнатыў басламасын қоллап-қуўатлады ҳәм оны табыслы әмелге асырыўда әмелий қатнасатуғынын исенимли билдирди.
Кеңестиң жумысы Газа секторын экономикалық ҳәм социаллық тиклеў ушын қолайлы орталықты қәлиплестириў имканиятын беретуғынына исенемен. Бунда сыртқы басқарыўдың ҳәр қандай механизми, әлбетте, сектор халқының ишки қоллап-қуўатлаўына таяныўы керек.
Барлық тәреплердиң муўапықластырылған ҳәрекетлери урыстан кейинги процесстиң турақлылығын тәмийинлеў ҳәм Газаның тез арада тиклениўи ушын шараятлар жаратыў имканиятын береди.
Өзбекстан бул жерде турақ жайлар, бақшалар, мектеп ҳәм емлеўханалар қурыўға өзиниң үлесин қосыўға таяр екенин атап өтпекшимен.
Ҳүрметли дослар!
Быйылғы саммиттиң Дональд Трамп атындағы Тынышлық институтында өтип атырғаны рәмзий мәниге ийе.
Бизиң ушырасыўымыз халықаралық тилеклесликтиң, тынышлық орнатыўшылық ҳәм Жақын Шығыстағы жағдайды жақсылаўға улыўмалық умтылыстың айқын көриниси болып табылады. Биз бул тарийхый имканияттан экономикалық раўажланыў ҳәм халқымыз ушын мүнәсип турмыс шараятына ийе болған Жаңа Газаны қурыў ушын пайдаланыўымыз керек.
Итибарыңыз ушын рахмет.