Сиз, әзизлер менен уллы цивилизациялар кесилиспесинде жайласқан гөззал Анкара қаласында дийдарласып турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Қәдирли достым Уллы Мәртебели Мырза Режеп Таййип ЭЕрдоған ҳәм пүткил түрк халқын мәмлекеттиң қутлы байрамы – Республика күни менен қызғын қутлықлайман.
Туўысқан түрк халқына тынышлық-аманлық, абаданлық ҳәм табыслар тилеймен.
"Түркий әсир: тилде, пикирде ҳәм жумыста бирдейлик" сүрени астында өтип атырған саммитимизди жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ҳәм қызғын миймандослығы ушын ҳүрметли Түркия Президентине айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Саммит алдынан сулыў "Бештепа" бағында мәмлекетлеримиздиң миллий-мәдений комплексиниң ашылғаны халықларымыздың улыўма мийрасын қәстерлеп сақлаў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.
Бул рәмзий естелик түркий дүнья бирлигиниң айқын тымсалына айланатуғынына исенемен.
Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!
Бүгин халықаралық қатнасықлар системасы түп-тийкарынан өзгермекте, геосиясий бәсеки күшеймекте. Түркий дүнья әтирапындағы регионларда даўам етип атырған қураллы соқлығысыў ҳәм келиспеўшиликлер тек ғана қәўипсизликке емес, ал саўда-экономикалық, транспорт байланыслары ҳәм раўажланыў перспективаларына да унамсыз тәсир көрсетпекте.
Бай тәбийғый ресурслар ҳәм экономикалық имканиятларға ийе болған регионда тәсиршең глобал раўажланыў орайына айланып атырған Түркий мәмлекетлер шөлкемин биз өз-ара исеним ҳәм әмелий шериклик майданы сыпатында көремиз.
Биз стратегиялық мақсетлеримиз әтирапында және де бирлесип, мәплеримизди халықаралық майданда биргеликте алға қойыўымыз керек. Бәршемиз бул ийгиликли жолда биргемиз ҳәм өз күш-ғайратымызды түркий тилеклеслик ушын жумсаўға таярмыз.
Қәдирли дослар!
Шөлкемимиз шеңберинде әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша турақлы сиясий мәсләҳәтлесиўлер өткериў, көзқарасларымыз ҳәм ҳәрекетлеримизди муўапықластырыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Шөлкемниң халықаралық майдандағы абырайы оның сыртқы шериклер менен ашық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландыра алыў потенциалына да байланыслы. Усы мақсетте үшинши мәмлекетлер менен "Түркий мәмлекетлер шөлкеми плюс" форматындағы бирге ислесиўди тараў министрлериниң ушырасыўларынан баслаўды усыныс етемен. Бул сөйлесиўлер саўда, транспорт, инвестиция ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда анық биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға қаратылыўы керек.
Соның менен бирге, технологиялық бирге ислесиўди тереңлестириў, жәҳән базарына биргеликте шығыў имканиятын беретуғын санаат кооперациясын раўажландырыўымыз зәрүр.
Әмелий қәдем сыпатында "Түркий дүнья – 100", яғный жүз стратегиялық биргеликтеги инвестициялық ҳәм санаат жойбарын қамтып алатуғын бағдарлама қабыл етиўди усыныс етемиз. Бул жойбарларға Түркий инвестиция қоры ҳәм халықаралық финанс институтларының ресурсларын бағдарлаў айрықша әҳмийетке ийе.
Сийрек ушырасатуғын ҳәм стратегиялық минералларды толық қайта ислеў, "жасыл" энергетика үскенелерин ислеп шығарыўды локализациялаў, жоқары дәраматлы өнимлер таярлаўға тийкарғы әҳмийет қаратыў мақсетке муўапық.
Экономикалық байланысларымыз жедел раўажланып атырғаны себепли исбилерменлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша улыўма механизмлерге талап артпақта. Усы мақсетте "Саўда жумыслары бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳаққында"ғы көп тәреплеме шәртнаманы ислеп шығыў зәрүр. Бул ҳүжжет суд қарарларын өз-ара тән алыў ҳәм орынлаў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратады.
Ҳәзирги ўақытта бул бағдарда ўәкилликли уйымлар арасындағы байланысларды кеңейтиў тәрепдарымыз. Бул бағдарда ҳуқықый жәрдем сораўлары ҳәм ҳүжжетлерди электрон алмасыўға мөлшерленген санлы платформа шөлкемлестириўди әҳмийетли деп есаплаймыз.
Глобал тәмийнат шынжырлары өзгерип атырған ҳәзирги шараятта түркий мәмлекетлердиң географиялық орны ҳәм транзит имканиятлары барған сайын стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта.
Халықаралық жүк тасыў ҳәм логистикада мәмлекетлеримиздиң қатнасыўын кеңейтиў ҳәм экономикалық мәпдарлықты арттырыў ушын Орта коридор ҳәм оған тутас басқа да транспорт коридорларын бир пүтин экономикалық системаға айландырыўымыз зәрүр. Усы мақсетте "Түркий мәмлекетлер логистика комплекслери тармағы"н шөлкемлестириў ҳәм оны биргеликте басқарыўды усыныс етемиз.
Туризм тараўындағы үлкен имканиятларды да толық иске қосыўымыз керек. Тек ғана 2025-жылы мәмлекетлеримизге 100 миллионнан аслам сырт елли турист келди.
Түркий халықлардың тарийхый қалалары, бийтәкирар тәбияты, бай мәденияты ҳәм миймандослық дәстүрлерин дүньяға биргеликте танытыў мақсетинде "Түркий туризм альянсы"н шөлкемлестириў ўақты келди.
Халықтың узағын жақын, аўырын жеңил етиў ушын Пуқаралардың өз-ара сапарлары ҳаққында көп тәреплеме келисим ислеп шығыўды усыныс етемиз. Онда ID-карта тийкарында саяхат етиў имканиятларын кеңейтиў, шегарадан өтиў ҳәм қабыл етиўши мәмлекет аймағында болыў тәртибин әпиўайыластырыў мәселелери сәўлелениўи керек.
Технологиялық раўажланыўдың тийкары, бәринен бурын, инсан капиталы, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе жас әўлад болып есапланады. Олардың билим алыўына киргизилген инвестиция узақ мүддетли бирге ислесиўимиздиң беккем тийкары болып табылады.
Елимизде "Жаңа Өзбекстан стипендиясы" шеңберинде 500 сырт елли студентке грант тийкарында билим алыў имканияты жаратылған. Түркий мәмлекетлер ўәкиллерине ҳәр жылы 200 билимлендириў грантын ажыратыўға таярмыз. Туўысқан мәмлекетлердиң жасларын бул имканияттан үнемли пайдаланыўға шақырамыз.
Пурсаттан пайдаланып, 2027-жылды Шөлкем шеңберинде "Тәбиятты қорғаў жылы," деп жәриялаў бойынша басламамызды қоллап-қуўатлағаныңыз ушын айрықша миннетдаршылық билдирмекшимен.
Келеси жыл даўамында әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар Анталияда болып өтетуғын COP-31 әнжуманы шеңберинде экологияға жуўапкер министрлеримиз мәжилисинде көрип шығылатуғынына исенемен.
Қәдирли дослар!
Хабарыңыз бар, түркий дүнья бирлигине үлкен үлес қосқан инсанларды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде уллы ойшыл ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестирген едик.
Кеше бул абырайлы сыйлықтың Қазақстанда хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, елши Дюсен Касеиновқа тапсырылыўы илим, көркем өнер ҳәм әдебият бағдарында изленип атырған жасларымызға жаңа күш-ғайрат ҳәм илҳам бағышлайтуғыны сөзсиз.
Пүткил өмирин түркий тилдиң раўажланыўына бағышлаған ҳәзирети Әлийшер Наўайы "Тилге ықтыярсыз – елге итибарсыз," деп атап өткен еди. Бүгинги саммитимиз сүренинен келип шығып, барлық түркий халықлар ушын бирдей түсиникли болған ҳәм тиллеримиздеги улыўма сөзлерди жәмлейтуғын "Улыўма түркий сөзлер сөзлиги"н жаратыў басламасын алға қоямыз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Кеше Шөлкемимиздиң абырайлы сыйлығы – “Туркий дунё Олий ордени” менен сыйлықланғаны мүнәсибети менен Қырғыз Республикасы Президенти, ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Садир Нургожоевич Жапаровты және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.
Усы жерде Әзербайжанның Шөлкемимизге басшылығы дәўиринде дослық байланысларымызды беккемлеў, байланысларымызды жаңа басқышқа алып шығыў бағдарындағы салмақлы жумыслары ушын ҳүрметли Уллы Мәртебели Илҳам Гейдарович Алиевқа терең миннетдаршылық билдиремен.
Бүгин басшылықты қабыл етип алып атырған Түркия мәмлекети экономикалық бирге ислесиўимизди тереңлестириў, басламаларымызды әмелий нәтийжелер менен байытыўға үлкен үлес қосады, деп исенемен.
Түркия Президенти, ҳүрметли Мырза Режеп Таййип Эрдоғанға бул мақтанышлы ўазыйпада үлкен табыслар тилеймен.
Сондай-ақ, Шөлкемимиздиң гезектеги саммитин келеси жылы Өзбекстанда жоқары дәрежеде өткериўге таяр екенимизди мәлим етемен.
Күн тәртибиндеги және бир мәселеге тоқтап өтпекшимен. Алдымызға қойылған кең көлемли ўазыйпаларды әмелге асырыўда ағза мәмлекетлердиң аўызбиршилиги ҳәм Секретариаттың нәтийжели жумысы айрықша әҳмийетке ийе. Өткен дәўирде Бас хаткер сыпатында жемисли мийнет етип, Шөлкемимиздиң абырайын ҳәр тәреплеме арттырыўға мүнәсип үлес қосқан Кубаничбек Омуралиевке миннетдаршылық билдиремен.
Соның менен бирге, Өзбекстан ўәкили болған Мирвоҳид Азимовтың кандидатурасын Бас хаткер лаўазымына қоллап-қуўатлағаныңыз ушын бәршеңизге миннетдаршылық билдиремен.
Жаңа Бас хаткер Шөлкемимиздиң тийкарғы ўазыйпаларын әмелге асырыў ҳәм бирге ислесиўимизди буннан былай да раўажландырыўға мүнәсип үлес қосатуғынына исенемен.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Бүгинги Анкара саммити уллы мақсетимиз, аўызбиршилик идеямыз ҳәм уллы режелеримизге ерисиў жолында әҳмийетли қәдем болады.
Себеби, ҳәммемиздиң арзыў-ниетлеримиз ҳәм умтылысларымыз бирдей.
Биз бир болсақ, және де қүдиретлимиз.
Татыў болсақ, және де жоқары шеклерге әлбетте ерисемиз.