Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Словения жетекшисине қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, соңғы 20 жылда биринши рет өткерилип атырған жоқары дәрежедеги илажлар еки мәмлекет қатнасықларында жаңа басқыштың басланыўы сыпатында тарийхқа киретуғынын атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Словения арасындағы әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Сиясий сөйлесиў, түрли дәрежедеги байланыслар ҳәм исбилерменлик ушырасыўларының жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Еки мәмлекет БМШ ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлап келмекте.
Кейинги жыллары товар алмасыў 3 есеге көбейди. Мәденият ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўлар кеңеймекте. Өзбекстанда Словения пуқаралары ушын визасыз режим енгизилген.
Еки тәреплеме қатнасықларды системалы түрге енгизиў ушын жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўди жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Товар алмасыўды көбейтиў ҳәм оның көлемин, бәринен бурын, өнимлердиң түрин кеңейтиў ҳәм импорттың орнын басыў есабынан биринши басқышта 500 миллион евроға жеткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстаннан тоқымашылық, мийўе-овощлар, минерал төгинлер, мыс өнимлери ҳәм басқа да санаат товарлары, Словениядан болса дәри-дәрмақлар, алдынғы технологиялар ҳәм үскенелер жеткерип бериў усылардың қатарына киреди.
Словенияның "Копер" портының потенциалынан Европа Аўқамы базарына шығыў ушын логистика хабы сыпатында пайдаланыў имканиятлары үйрениледи.
Словенияның жетекши компаниялары менен Санаат кооперациясы бағдарламасын қабыл етиў, сондай-ақ, заманагөй әсбап-үскенелер, санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў, фармацевтика өнимлери, соның ишинде, пал ҳәм шыпалы өсимликлерге тийкарланған дәри ислеп шығарыўды локализациялаў, энергетика объектлерин қурыў ҳәм модернизациялаў бағдарында жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Мийнет миграциясы тараўында системалы бирге ислесиў ушын тил, кәсиплик көнликпелер ҳәм мийнет стандартлары бойынша оқытыў ҳәм бейимлестириў бағдарламаларын ислеп шыққан ҳалда Шөлкемлескен мийнет миграциясы ҳаққындағы келисимди таярлаўға келисип алынды.
Туризмди, әсиресе, аўыллық ҳәм таўлы аймақларда раўажландырыў перспективалы бағдар сыпатында белгиленди. Билимлендириў тараўында тәреплер дипломларды өз-ара тән алыў ҳаққындағы келисимге қол қойыўға ҳәм Любляна ҳәм Марибор университетлери менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыўға келисип алды.
Буннан тысқары, келеси жылы Ташкент қаласында еки мәмлекеттиң жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий орайларының қатнасыўында Жаслардың инновациялық жойбарлары форумы өткериледи.
Гуманитарлық алмасыўды беккемлеў мақсетинде тәреплер өз-ара мәденият күнлери ҳәм Любляна қаласында Өзбек кино ҳәптелигин өткериў басламасын алға қойды.
Белгиленген барлық ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилисин усы жылдың июль айында Любляна қаласында шөлкемлестириўге қарар етилди.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Словения Президенти Наташа Пирс Мусарды өзи ушын қолайлы ўақытта жуўап сапары менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.