Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов бүгин Алмата қаласында "Орайлық Азия - Қытай" форматындағы сыртқы ислер министрлериниң гезектеги ушырасыўында қатнасты.
"Бүгин Алматы қаласында Орайлық Азия - Қытай форматы шеңберинде сыртқы ислер министрлериниң VI ушырасыўы болып өтти, - деп жазды Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң telegram каналында. - Кәсиплеслеримиз бенен биргеликте регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, саўда ҳәм өз-ара байланыслылықты кеңейтиў, улыўма шақырықларға биргеликте шешим табыў мәселелеринде нәтийжели ҳәм қызғын додалаўлар өткердик.
Өзбекстан өз қоңсылары ҳәм Қытай менен стратегиялық шерикликти және де тереңлестириў, өз-ара исенимди беккемлеў ҳәм регионымызда турақлы раўажланыўды хошаметлеўге садық қалады. Ушырасыўда алға қойылған басламалар ҳәмме ушын улыўма абаданлық жолында хызмет ететуғынына беккем исенемиз.
Барлық қатнасыўшыларға конструктивлик қатнасыўлары ушын миннетдаршылық билдиремиз ҳәм келешекте де бирге ислесиўимизди даўам еттиремиз".