баннер
30 Mar 2025
06:54

    Өзбекстан туризм потенциалы Малайзияда таныстырылды

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң Малайзияға рәсмий сапары алдынан 3-февраль күни усы мәмлекеттиң Пенанг штатында "Өзбекстан - Уллы Жипек жолы дүрданасы" Өзбекстан-Малайзия туризм форумы өткерилди.

    Илажда Туризм комитетиниң басшылары, Малайзия ҳәм Пенанг штаты ҳүкиметлериниң туризм бағдары басшылары, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Малайзияның туризм тараўындағы жетекши қәнигелери ҳәм бизнес ўәкиллери қатнасты.

    Форумда Өзбекстанның туризм имканиятлары, тарийхый естеликлери, мәдений ҳәм тәбийий байлықлары ҳаққында презентациялар болып өтти. Презентацияларда Өзбекстанның туризм бағдарлары, соның ишинде, Шаҳрисабз, Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм басқа да қалаларының бай мәдений ҳәм тарийхый әҳмийетине айрықша итибар қаратылды.

    Еки мәмлекеттиң 100 ден аслам туризм бизнеси ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген "В2В" ушырасыўлары шеңберинде Өзбекстан ҳәм Малайзия туристлик компаниялары арасында исбилерменлик байланыслары орнатылды, бирге ислесиў имканиятлары додаланды ҳәм туристлер ағымын арттырыў бойынша өз-ара келисимлерге ерисилди.

    Сондай-ақ, Малайзия туристлик компанияларының ўәкиллери форум шеңберинде шөлкемлестирилген "Жаңа Өзбекстан" фото көргизбеси арқалы соңғы жыллары Өзбекстан аймақларында қурылған жаңа туризм орынлары, жаңаланған инфраструктуралар ҳәм мәдений мийрас объектлери менен танысты.

    Илажға келген мийманлар елимиздиң бай ҳәм рәңбәрең мәденияты және дәстүрлерин сәўлелендиретуғын миллий нама-қосықлар ҳәм аяқ ойынлар менен жақыннан танысып, өзбек миллий тағамларын жеп көрди, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech