Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери телефон арқалы сөйлести

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

    Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Россия жетекшиси ҳәм көп миллетли халқын жақынласып киятырған мәмлекетлик байрам - Россия күни менен қызғын қутлықлады.

    Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў, жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    Өз-ара товар алмасыў пәтин сақлап қалыў ҳәм санаат кооперациясы жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде муўапықластырылған илажлар көриўге айрықша итибар қаратылды.

    Еки мәмлекет аймақлары дәрежесиндеги жедел алмасыўлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Россияда мәдений илажлар турақлы өткерилип киятырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates