баннер
21 Apr 2025
09:59

    Өзбекстан ҳәм Аўғанстанның саўда министрлери Термизде ушырасты

    Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы өз-ара саўда көлемин 3 миллиард долларға жеткериў бойынша анық илажлар белгиленди.

    Усы жылдың 1-март күни Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Сурхандәрья ўәлаятындағы "Термиз" халықаралық саўда орайына келген Аўғанстан саўда министри Нуриддин Азизий басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.

    Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң мағлыўматларына бола, конструктивлик пикир алысыў ўақтында еки тәреплеме Өзбекстан-Аўғанстан саўда-экономикалық қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары додаланды. Сөйлесиў даўамында өз-ара саўда көлемин 3 миллиард долларға жеткериў бойынша анық илажлар белгиленди.

    Саўда менен бир қатарда аўыл хожалығы, тоқымашылық, фармацевтика, азық-аўқат ҳәм таў-кән санааты тараўларында да өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў бойынша гезектеги илажлар өткерилди.

    Сапар шеңберинде ҳәр еки тәрептен 60 қа шамалас исбилерменлердиң қатнасыўында В2В сөйлесиўлери шөлкемлестирилип, онда исбилермен топарлардың ўәкиллери жаңа байланысларды орнатыў, жаңа қоспа жойбарлар ҳәм саўда шәртнамаларын әмелге асырыўдың әмелий тәреплерин додалаў имканиятына ийе болды.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech