Ушырасыўда өзбекстанлы аўыл хожалығы қәнигелери, фермерлери ҳәм изертлеўшилериниң Аргентинаға сапарларын шөлкемлестириў және аргентиналы экспертлерди Өзбекстанға мирәт етиў арқалы тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў жумыслары ҳәм санлы платформалар арқалы турақлы оқыў сессиялары, вебинарлар ҳәм виртуал семинарлар шөлкемлестириў мәселелери додаланды.
Саўда-инвестициялық бирге ислесиў шеңберинде Өзбекстанның кептирилген мийўелери, соның ишинде, кишмиш ҳәм кептирилген қәрели экспортын жолға қойыў, сондай-ақ, Аргентинадан жоқары өнимдарлы мийўели терек нәллерин алып келиў бойынша келисимге ерисилди.
Ушырасыў жуўмағында бул басламаларды өз ишине алған азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумды ислеп шығыў ҳәм қол қойыў бойынша келисимге ерисилди.