Атап өтилгениндей, кейинги жыллары Өзбекстан менен Бирлескен Араб Әмирликлери арасындағы бирге ислесиў жедел пәтлерде раўажланып бармақта. Усы күнге шекем еки мәмлекет арасында экстрадация, жынаят ислеринде ҳуқықый жәрдем, ҳаўа қатнаўы, саўда-экономикалық қатнасықлар, дәрамат салықлары бойынша еки тәреплеме салыққа тартыўды сапластырыў, илим ҳәм техника сыяқлы бағдарларда жәми 31 келисимге қол қойылған.
Нызам менен ратификацияланып атырған бул Келисим Бирлескен Араб Әмирликлери делегациясының мәмлекетимизге сапары шеңберинде 2024-жыл 17-сентябрьде Ташкент қаласында қол қойылған.
Ҳүжжетте еки мәмлекет арасында пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, ҳәр еки мәмлекет пуқараларын бир-бириниң аймағында тең ҳуқықый қорғаў менен тәмийинлеў және пуқаралық ҳәм экономикалық мәселелер бойынша суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиў имканиятын жаратыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, пуқаралар арасында жүзеге келиўи мүмкин болған келиспеўшиликлерди шешиў, суд ҳүжжетлерин тән алыў ҳәм орынлаў сыяқлы мәселелер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў тәртиби де белгиленбекте.
Сенаторлар тәрепинен Нызамның қабыл етилиўи келешекте еки мәмлекет арасындағы шәртнамалық-ҳуқықый қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге, атап айтқанда, суд-ҳуқық тараўында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға ерисиўге, сондай-ақ, еки мәмлекет арасында пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Додалаў жуўмағында сенаторлар тәрепинен Нызам мақулланды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









