Усы жылдың 13-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары алдынан Абу-Даби қаласында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.
Илажда мәмлекетлердиң делегацияларына Өзбекстан тәрепинен - Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратов ҳәм БАӘ тәрепинен усы мәмлекеттиң энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳаил Моҳамед Ал Мазруи басшылық етти.
2021-жылдан берли БАӘ ҳәм Өзбекстан арасындағы еки тәреплеме саўда көлеми жылына орташа 20 проценттен көбирек артып бармақта ҳәм 2024-жылдың жуўмағы бойынша бул көрсеткиш 650 миллионға жетти.
Бүгинги күнде Өзбекстанда БАӘ капиталының қатнасыўындағы 337 кәрхана жумыс алып бармақта, соннан 114 қоспа кәрхана ҳәм 223 и 100 % сырт ел кәрханалары болып есапланады. 2023-жылы Өзбекстанда жойбарларды әмелге асырыўға 1,08 миллиард доллар, 2024-жылы болса 1,5 миллиард доллардан аслам БАӘ инвестициялары өзлестирилди.
Биргеликте турмысқа енгизилип атырған жойбарлар дәстүрий ҳәм альтернатив энергия, инфраструктура, химия санааты, геология, IТ, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика тараўларын қамтып алады.
"Өзбекстан-БАӘ" инвестициялық компаниясы шөлкемлестирилди. Оның инвестициялық портфели бүгинги күнге келип медицина, геология, аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўларында улыўма баҳасы 192,5 миллион доллар болған 7 жойбарды қурамақта. 140 миллион долларлық 9 жойбар ислеп шығылмақта.
Бирақ ерисилген нәтийжелер еки мәмлекеттиң экономикалық потенциалын улыўма сәўлелендирмейди, соның ушын бирге ислесиў көлемин буннан былай да арттырыў бойынша қосымша комплексли илажлар көрилмекте.
Бүгин қол қойылып атырған ҳүжжетлер әне усындай қәдемлерден бири. Бул 15 келисим министрликлер ҳәм уйымлар, исбилермен топарлар тәрепинен биргеликте алып барылған ҳәрекетлердиң жемиси болып, еки мәмлекет арасындағы инвестициялық бирге ислесиў тарийхында жаңа бет ашпақта.
Мәресимде «AMEA Power», «Masdar», «Solar Power Shine», «М42», «Burjeel» Holdings», «IFFCO Group», «TWS», «Alserkal Group», «Metito», «AD Ports», «Jetex», «Emirates Group» ҳәм басқа да компаниялар менен энергетика, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы, инфраструктураны раўажландырыў, суў тәмийнаты, транспорт, логистика тараўларында инвестициялық келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылды