баннер
14 Apr 2025
16:21

    Өзбекстан ҳәм ЕА жетекшилери экономикалық бирге ислесиўди түп-тийкарынан кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-апрель күни Самарқанд саммити шеңберинде мәмлекетимизде сапар менен болып турған Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляен менен ушырасыў өткерди.

    Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестиция тараўларында буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

    Ҳәр қыйлы дәрежелердеги жедел сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели алмасыўлар, әмелий бирге ислесиўдиң институционаллық механизмлери шеңберинде нәтийжели жумыслар алып барылып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойыўға таярланбақта.

    Өзбекстанның Европа Аўқамы мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми барып артып бармақта. Европаның жетекши компанияларының қатнасыўындағы инвестициялық жойбарлар портфели 30 миллиард евродан асламды қурамақта. Мәмлекетимиз Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң ири бенефициары болып есапланады, Ташкент қаласында Европа инвестиция банкиниң регионаллық ўәкилханасы ашылмақта.

    ЕАның бас институтларының басшылары Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар бағдарламасын, сондай-ақ, Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм шерикликти беккемлеў бағдарындағы сиясатты жоқары баҳалады ҳәм исенимли қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

    Сөйлесиўлерде тийкарғы итибар инновациялар, "жасыл" энергетика, таў-кән тармағы, аўыл хожалығы, транспорт, логистика, санластырыў ҳәм басқа да бағдарларда биргеликтеги бағдарлама ҳәм кооперация жойбарларын алға қойыўға қаратылды.

    Туризм, мәденият, илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы жедел алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Болажақ "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" форматындағы биринши жоқары дәрежедеги саммит күн тәртибиндеги мәселелер ҳәм Европаның "Глобал дәрўаза" стратегиясы шеңберинде еки регионның өз-ара байланыслылығын күшейтиў перспективалары додаланды.

    Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери, соның ишинде, Аўғанстанның социаллық-экономикалық раўажланыўына жәрдемлесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech