Өзбекстан ҳәм Иран арасындағы бирге ислесиў раўажланбақта

    Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы мәмлекетимиз ҳүкимети делегациясы рәсмий сапар менен Иран Ислам Республикасында болып тур.

    Әмелий ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер сапар бағдарламасына муўапық, 11-12-май күнлерине белгиленген.

    Бүгин, 11-май күни Тегеран қаласындағы "Саадабад" комплексинде Өзбекстан Бас министри ҳәм қабыл етиўши мәмлекеттиң Биринши вице-президенти Муҳаммад Ризо Ореф басшылығындағы ҳүкиметлер делегацияларының ушырасыўы болып өтти.

    Мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәр тәреплеме раўажланып атырғаны, бунда, әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён арасында турақлылыққа ийе болып атырған қызғын сөйлесиўлер әҳмийетли фактор болып атырғаны атап өтилди.

    Тәреплер бул ушырасыў бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеп алыў ушын қолайлы имканият екенин атап өтип, еки тәреплеме товар алмасыў көлемин келешекте Президентлеримиз белгилеп берген 2 миллиард долларға жеткериў имканиятларын ҳәр тәреплеме додалады.

    Атап айтқанда, транспорт-логистика тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў үлкен әҳмийетке ийе. Оның ушын бул бағдарда көп жыллардан берли өз шешимин күтип атырған анық мәселелерди жеделлик пенен шешиў бойынша ҳәрекетлерди бирлестирип, анық әмелий илажларды көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Сондай-ақ, тәреплер санаат кооперациясын раўажландырыў, мәмлекетлеримиз аймақлары арасындағы байланысларды жеделлестириў, илим, билимлендириў, технология ҳәм инновациялар тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў, соның менен бирге, туризм, мәдений-гуманитарлық бағдарлардағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў әҳмийетли екенин билдирди.

    Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўде тийисли министрликлер ҳәм уйымлар және де жедел ислеўи керек екенлиги айтылды.

    Ушырасыў соңында Өзбекстан ҳәм Иран арасында ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў бойынша 2025-2027-жылларға мөлшерленген "Жол картасы", Жеңиллетилген саўда Келисиминиң товарлар дизимин тастыйықлаў протоколы, Өсимликлер қорғаўы ҳәм карантини тараўында бирге ислесиў ҳаққында Түсинисиў меморандумы, Ҳадал стандарт тараўында бирге ислесиў ҳаққында Түсинисиў меморандумына қол қойылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates