Өзбекстан ҳәм Иран қоспа туризм тараўында бирге ислесиўди кеңейтеди

    Өзбекстан елшиси Фариддин Насриев Иранның Мәдений мийрас, туризм ҳәм өнерментшилик министри Сейед Ризо Солеҳи Амири менен ушырасыў өткерди.

    Сөйлесиў ўақтында Иран тәрепи кейинги жыллары еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў байланыслары ҳәр қыйлы тараўларда раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтип, Президент Масъуд Пезешкиён мәмлекетимиз бенен бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратып атырғанын атап өтти.

    Сейед Ризо Солеҳи Амириниң атап өтиўинше, Иран Президенти туризм тараўында Өзбекстан менен бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм өз-ара туристлердиң санын арттырыў сыяқлы мәселелерде байланысларды раўажландырыўда әҳмийетли деп есаплайды.

    Сөйлесиў даўамында Өзбекстан-Иран биргеликтеги туризм комитетин дүзиў ҳәм ЮНЕСКО шеңберинде бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

    Ушырасыў жуўмағында Иран тәрепи Өзбекстанның туризм тараўы ўәкиллерин усы жылы 11-14-февраль күнлери Тегеранда өткерилиўи режелестирилген 18-халықаралық туризм көргизбесине мирәт етти, деп хабар береди "Дунё" ХА.