Мәмлекет басшылары жанында Қәнигелер ҳәм студентлердиң мобиллиги ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим, дипломатиялық паспорт ийелерин виза талапларынан өз-ара азат етиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим ҳәм Францияның жетекши компаниялары менен Өзбекстанда 6,5 миллиард евролық перспективалы кооперация жойбарларын әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын Инвестиция ҳәм инновация тараўларындағы бирге ислесиў бағдарламасы алмасылды.
Мәмлекетлик сапар даўамында төмендегилерге де қол қойылды:
- Өзбекстан-Франция университетин шөлкемлестириў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;
- реадмиссия ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;
- сыртқы ислер министрликлериниң 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;
- 2026-2030-жылларда Франция раўажланыў агентлиги менен бирге ислесиў бағдарламасы;
- халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў ҳаққында декларация;
- денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында декларация;
- француз тилин оқытыўды кеңейтиў ҳаққында билдириў;
- музыка, кино ҳәм театр тараўларында бирге ислесиў ҳаққында декларация;
- Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры менен Франция Мәденият министрлиги, Мәдений мийрас миллий институты ҳәм Орайлық Азия изертлеўлери институты арасындағы бирге ислесиў келисимлери;
- Ташкент ҳәм Париж қалалары арасында шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққында протокол ҳәм басқа да еки тәреплеме ҳүжжетлер.