Бул келисим тәреплердиң потенциалын бирлестирген ҳалда, жойбарды раўажландырыўға қаратылған жаңа шешимлерди усыныў имканиятын жаратады.
"Жангелди" кәнин өзлестириўдиң биринши басқышында, дәслепки есап-санаққа бола, улыўма капитал қойылмалардың муғдары 3 жыл даўамында 214 миллион долларды, жыллық уран қазып алыў муғдары орташа 500 тоннаны қураўы күтилмекте.
Келисим шәртинде тийкарғы инвесторлар сыпатында сырт ел компаниялары көрсетилген. Уран қазып алыўдың өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм өндирис процесин кәрханамыздың бар санаат қуўатлылығына интеграциялаў мақсетинде басқарыўшы оператор етип “Navoiyuran” МК белгиленбекте.
Уран санаатына қәнигелескен дүньяның үш ири компаниясы арасында узақ мүддетли бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы тараўға инвестиция тартыў процесин жеделлестириў ҳәм және бир қатар әҳмийетли бағдарларда биргеликте жумыс алып барыў имканиятын кеңейтеди. Соның ишинде, сырт мәмлекетлердиң уран бойынша геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм кәнлерди өзлестириў жойбарларында қатнасыў, уран қазып алыў бойынша инновациялық технологияларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, геологиялық-излеў ҳәм қазып алыў тараўында билим ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў, операциялық нәтийжелиликти арттырыў, заманагөй корпоратив басқарыў системасы, ESG принципи ҳәм басқа да халықаралық стандартларды енгизиў мүмкин болады.
Францияның ядролық материаллар тараўындағы жетекши халықаралық компаниясы - “Orano Mining” уранды қазып алыў ҳәм қайта ислеў және ядролық жанылғы сериясының барлық басқышларында жоқары қунлы шешимлер усынады. Қәўипсизлик, инновация ҳәм турақлы раўажланыў принципине садық қалған ҳалда, ядролық энергетиканың глобал келешегин тәмийинлеўге үлес қосады.
Японияның “ITOCHU” корпорациясы дүньядағы жетекши саўда ҳәм инвестиция компанияларынан бири сыпатында металл, минерал, энергетика ҳәм санаат тараўларындағы ири жойбарларда қатнасады. Кәрхана ҳәзирги ўақытта дүнья базарындағы абырайын беккемлеў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў ушын инновациялық шешимлерди енгизип келмекте.