Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Грузия арасындағы еки тәреплеме қатнасықлар, соның ишинде, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды. Тәреплер туризм тараўында бирге ислесиўди беккемлеўге қызығыўшылық билдирип, қәнигелер таярлаў ҳәм биргеликтеги саяхатларды шөлкемлестириў бойынша тәжирийбе алмасыўға таяр екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, ушырасыўда 5-9-апрель күнлери Ташкентте Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясының өткерилиўи ҳәм онда 190 ға шамалас мәмлекеттен 2 мыңға шамалас парламент ағзаларының қатнасыўы додаланды.
Өз гезегинде, елши Грузия парламенти баслығы Шалва Папуашвили басшылығындағы 14 делегация ағзалары бул әнжуманда қатнасатуғынын мәлим етти, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.