Өзбекстан ҳәм Әзербайжан 2027-жылғы U-20 Жәҳән чемпионатын биргеликте өткериў бойынша ФИФАға арза жиберди

    ФИФА 2027-жылы болып өтетуғын U-20 Жәҳән чемпионатын өткериў ушын талабанларды көрип шығыўды баслады.

    Өзбекстан ҳәм Әзербайжан футбол ассоциациялары жаслар арасындағы Жәҳән чемпионатын жоқары дәрежеде өткериўге исеним билдирген ҳалда өзиниң биргеликтеги кандидатурасын алға қойды. Бул ҳаққында Өзбекстан футбол ассоциациясы мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, Әзербайжан менен бирге Өзбекстан да абырайлы жарысты қабыл етиўге ҳәр тәреплеме таяр. Кейинги жыллары стадионлар халықаралық стандартларға муўапық тәртипке келтирилди.

    Қосымша түрде, Азияның U-20, U-23 турнирлери, Орайлық Азия тарийхында биринши мәрте өткерилген футзал бойынша жәҳән чемпионатының өткерилиўи үлкен тәжирийбе ўазыйпасын атқарады.

    Бул мезбанлық ФИФА президенти Жанни Инфантино тәрепинен тарийхтағы ең жақсы мундиаль сыпатында тән алынды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates