Ушырасыўда бул компанияның салқын ишимликлер ҳәм автомобиль қурылысы тараўларында Өзбекстан базарына киргизген ири инвестициялары мәмлекетимиздеги реформаларға болған исенимниң айқын көриниси екени айрықша атап өтилди.
Соның ишинде, Самарқандтағы "СамАвто" кәрханасын модернизациялаў, өндирис қуўатлықларын ҳәм экспорт өнимлериниң көлемин кеңейтиў бойынша қосымша инвестициялық жойбарлар додаланды.
Сөйлесиў ўақтында Түркияның ири усақлап сатыў саўда тармағын Өзбекстан базарына алып кириў, шарўашылық комплексин қурыў, гөш ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў сыяқлы перспективалы бағдарлар да көрип шығылды.