Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан жетекшисин Пүткил жер жүзилик урбанизация форумы табыслы шөлкемлестирилгени менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан - Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын алдынғы жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Товар алмасыўдың унамлы пәти атап өтилди. Жыл басынан берли өз-ара саўда көлеми 40 проценттен зыятқа артты.

Қурылыс, таў-кән санааты, энергетика, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тараўларда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.

Әмелге асырылып атырған жойбарларды жеделлестириў ҳәм биргеликтеги инвестициялық портфельди, соның ишинде, Биргеликтеги инвестициялық компанияның қаржыларын тартқан ҳалда кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Жетекшилер транспорт басламаларын әмелге асырыў ҳәм халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин де додалады.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режеси көрип шығылды.