Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң ең әҳмийетли мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Өткен жылы август айында Әзербайжан Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапарында ерисилген келисимлерге муўапық әмелий бирге ислесиў бойынша режелерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Экономикалық бирге ислесиў жылы шеңберинде биргеликте нәтийжели жумыслардың алып барылып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта, автомобиль қурылысы, тоқымашылық, электротехника, энергетика, аўыл хожалығы, туризм ҳәм көплеген басқа да тармақлардағы жойбарлар жедел басқышқа кирген.
Буннан тысқары, мәдений-гуманитарлық алмасыў шеңбериндеги илажлар турақлы өткерип келинбекте.
Мәмлекет басшылары халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысты, сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўлар ҳәм көп тәреплеме саммитлердиң режесин көрип шықты.