Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан аймағы бойлап әмелге асырылған дрон ҳүжимлерин қатаң қаралады, сондай-ақ, жарақатланғанлардың тезирек саўалып кетиўин тиледи.

Сөйлесиўде соңғы күнлерде бақланып атырған Жақын Шығыста кескинлик күшейиўи тыныш халық арасында көплеген қурбанларға алып келип атырғаны ҳәм айрықша қәўетер оятып атырғаны айрықша атап өтилди.

Мүбәрек Рамазан айында жүз берип атырған бундай жағдайлар улыўмаинсаныйлық қәдириятларға, халықаралық нормаларға ҳәм мәмлекетлердиң аймақлық пүтинлиги принциплерине қайшы екени атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси, сондай-ақ, пуқараларымызды Ираннан Әзербайжан аймағы арқалы қәўипсиз эвакуациялаўды тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар ҳәм жаратылып атырған шараятлар ушын Илҳам Алиевке миннетдаршылық билдирди.

Әзербайжан Президенти, өз гезегинде, мәмлекетимиз басшысына дослық сәўбети ҳәм қыйын ўақытта қоллап-қуўатлағаны ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.