Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, санаат кооперациясы, энергетика, химия, аўыл хожалығы ҳәм билимлендириў тараўларында әҳмийетли қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Пермь үлкеси арасындағы исбилерменлик байланысларын буннан былай да жеделлестириў, атап айтқанда, ири өндирис кәрханалары, илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм инвестициялық шөлкемлер арасында бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.









