баннер
7 Apr 2025
18:56

    Өзбекстан ҳәм Пакистан жетекшилери келисимлерди толық әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Шаҳбоз Шариф 30-март күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде пүткил мусылман үммети ушын муқаддес болған Рамазан ҳайыты - Ийд ал-Фитр байрамы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлады. Дос Өзбекстан ҳәм Пакистан халықларына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилди.

    Усы жылдың февраль айында Пакистан Бас министриниң Өзбекстанға тарийхый сапары даўамында ерисилген келисимлерди "жол картасы"на муўапық әмелге асырыў мәселелери додаланды.

    Министрликлер, уйымлар ҳәм тармақлар дәрежесиндеги сөйлесиўлер жеделлескени ҳәм алмасыўлар нәтийжели түс алғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Март айында Исламабад қаласында Өзбекстан азық-аўқат өнимлери көргизбеси табыслы өткерилди. Апрель айынан Лахорға қосымша авиарейслер жолға қойылыўы режелестирилген.

    Биргеликтеги жойбарлардың орынланыўын көрип шығыў ҳәм оларды жеделлестириў илажларын көриў ушын Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин усы жылы өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Өзбекстан ҳәм Пакистан жетекшилери регион күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech