баннер
21 Apr 2025
14:55

    Өзбекстан ҳәм Пакистан арасында еки тәреплеме келисимлердиң салмақлы топламына қол қойылды

    Еки мәмлекет жетекшилериниң жанында сапар даўамында қол қойылған төмендеги ҳүжжетлер алмасылды:

    Сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Шаҳбоз Шариф көп қырлы Өзбекстан-Пакистан бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылған Биргеликтеги декларация және еки тәреплеме Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин дүзиў ҳаққындағы протоколға қол қойды.

    Еки мәмлекет жетекшилериниң жанында сапар даўамында қол қойылған төмендеги ҳүжжетлер алмасылды:

    - Илим, техника ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    - Дипломатиялық паспорт ийелериниң визасыз сапарлары ҳаққында келисим;

    - Ишки ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    - Профессионал билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    - Жасларға байланыслы сиясат тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    - Миллий мәлимлеме агентликлери арасындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    - дипломатиялық академиялар, Ташкент ҳәм Лаҳор қалалары арасындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер ҳәм шәртнамалар ҳәм басқа ҳүжжетлер.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech