Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўдиң бүгинги жағдайы ҳәм әҳмиетли бағдарлары көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан Асиф Али Зардарий мәмлекетимиз басшысын Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилисиниң табыслы нәтийжелери менен қутлықлап, бул мәмлекетлик сапар еки тәреплеме қатнасықларды тереңлестириўге жаңа пәт бағышлаўда тарийхый әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Жаңа Өзбекстанда 2030-жылға шекем Раўажланыў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли социаллық-экономикалық өзгерислер жоқары баҳаланды.

Ҳәр қыйлы дәрежедеги жедел сөйлесиўлер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў ҳәм қоспа кәрханалардың саны турақлы өсип бармақта. Экономиканың тийкарғы тармақларында кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Саммит алдынан Исламабадта Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси ҳәм сиясий мәсләҳәтлесиўлер нәтийжели өтти.

Әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды раўажландырыў, исбилерменлик алмасыўларын жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өз-ара саўда көлемин жақын келешекте 2 миллиард долларға жеткериў бойынша қоспа илажларды муўапықластырыў ҳәм әмелге асырыў мәселелери айрықша додаланды.

Аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Усы жылы Хийўа қаласында Аймақлар форумының биринши мәжилисин өткериўге келисип алынды.

Халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысылды. Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм позицияларының уқсас екенин тастыйықлады.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўларды буннан былай да кеңейтиў, билимлендириў, экология, спорт ҳәм басқа да бағдарларда қоспа жойбарларды алға қойыў бойынша умтылыслар исенимли екени атап өтилди.

Сөйлесиўлер жуўмағында Шавкат Мирзиёев Асиф Али Зардорийди Өзбекстанға сапар менен келиўге мирәт етти.