Ушырасыўда А.Ксавьер ханым Өзбекстанның бүгинги инвестициялық раўажланыў пәтлерин жоқары баҳалады ҳәм еки мәмлекет арасында саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиўден мәпдар екенин билдирди.
Сөйлесиў ўақтында билимлендириў, туризм ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, аймақлараралық байланысларды раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, Португалия Европа Аўқамы шеңберинде Өзбекстан менен тығыз бирге ислесип атырған мәмлекетлерден бири екени атап өтилди.
Тәреплер халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў әмелиятын буннан былай да күшейтиў бойынша келисип алды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









