Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Мәмлекети Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний менен 17-декабрь күни өткерген телефон арқалы сөйлесиўинде жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў ҳәм инвестициялық жойбарларды алға қойыў мәселелери дыққат орайында болды.
Мәмлекетимиз басшысы Қатар Әмирин миллий байрам - Мәмлекетке тийкар салынған күн менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар, дос Қатар халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Жедел сөйлесиў ҳәм пикир алмасыўлардың нәтийжелери унамлы баҳаланды. Усы жылдың ноябрь айында Доха қаласында Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси ҳәм бизнес форумы нәтийжели өткерилди. Октябрь айында Ташкент қаласында Қатар мәденияты ҳәптелиги илажлары табыслы шөлкемлестирилди.
Қатардың жетекши компанияларының қатнасында энергетика, транспорт ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыў, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Пайтахтлар арасында турақлы тиккелей авиақатнаўлардың жолға қойылғаны өз-ара туристлер ағымын арттырыўға хызмет етпекте.
Сөйлесиў ўақтында мәмлекет басшылары 2025-жылы болажақ илажлар режесине, соның ишинде, "Орайлық Азия - Буғаз араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси" сөйлесиўиниң екинши саммитин өткериўге айрықша итибар қаратты.
Халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.