"Дунё" МАның хабар бериўинше, пайтахтымыздағы "Бунёдкор" стадионында болып өтетуғын ушырасыў саат 18:45 те басланады. Беллесиўди қытайлы төрешилер басқарады. Бас төреши Ма Нинг, оған қанатларда Жо-ю Феи ҳәм Жанг Ченг жәрдем береди. Төртинши төреши сыпатында Жин Жингюан, VAR системасында Фу Минг ислейди.
Бул ойындағы есап футболшыларымыз ушын ҳеш қандай әҳмийетке ийе болмаса да, олардан шырайлы футбол ҳәм жеңис күтип қаламыз.
Өзбекстан ҳәм Қатар сайланды командалары 2000-жылдан берли Жәҳән ҳәм Азия чемпионатының сайлап алыў басқышлары, Азия чемпионаты және дослық ушырасыўлары шеңберинде жәми 16 мәрте ушырасқан. Бул ойынлардың 9ында Өзбекстан жеңиске ерискен, 3 ушырасыў теңбе-тең жуўмақланған. 4 ойында болса Қатар командасы үстинликке ерискен.
Мәмлекетимиз бас командасы орын алған "А" топарында, сондай-ақ, Қырғызстан - БАӘ, Иран - КХДР өз-ара беллеседи.









