Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятындағы "Әмирсай" курорт комплексинде Қырғызстан Президенти менен рәсмий емес ушырасыў өткерди.

Жетекшилер еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери, сондай-ақ, халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиў бойынша пикир алысты.

Қырғызстан Президенти таў-шаңғы комплексинде жаратылған шараятлар ҳәм оның жоқары дүнья стандартларына сай заманагөй инфраструктурасын жоқары баҳалады.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстанда мәмлекетлеримиздиң бийбаҳа геоландшафты ҳәм ҳәр қыйлы тәбиятын есапқа алған ҳалда курорт-рекреация орайларын шөлкемлестириўге қаратылған биргеликтеги жойбарларды алға қойыўға келисип алынды.