Қарарға бола, 2006-жыл 3-октябрьдеги Өзбекистан ҳәм Қырғыз Республикасы Ҳүкиметлери арасында пуқаралардың өз-ара келип-кетиўи ҳаққындағы келисимге өзгерислер киргизиў ҳаққындағы протокол тастыйықланды.
Протокол 2024-жыл 18-июль күни Ташкент қаласында қол қойылған.
Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйымлар етип белгиленди.
Министрлер Кабинети және тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары усы халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин белгиленген тәртипте оның қағыйдаларының әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.









