Сөйлесиў алдынан жетекшилер бәҳәр әййямы - Наўрыз ҳәм мүбәрек Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, дос халықларымызға тынышлық-парахачтшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Бүгин болып өткен үш тәреплеме сөйлесиўлердиң жуўмақлары, олардың тийкарғы нәтийжеси сыпатында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны жоқары баҳаланды.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўдағы жетискенликлер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми жыл басынан берли 70 процентке артты. Экономиканың түрли тармақларында, соның ишинде, қоспа Инвестициялық қорының жәрдеминде санаат кооперациясы табыслы раўажланбақта.
Энергетика ҳәм транспорт коммуникациялары тараўындағы ири регионаллық жойбарларды, соның ишинде, "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жолының қурылысын жеделлестириў мәселелери додаланды.
Мәмлекет басшылары аймақлар арасындағы жедел байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти.
Президентлер болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режеси ҳәм күн тәртиби бойынша да пикир алысты.