Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы арасындағы турақлы авиақатнаўлардың санын арттырыў бойынша келисимге ерисилди.
Бул қәдем транспорт қолайлылығын раўажландырыў, исбилерменлик ҳәм мәдений байланысларды беккемлеў, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң туристлик тартымлылығын арттырыўға қаратылған.
Ерисилген келисимлерге бола, еки мәмлекеттиң тайынланған тасыўшыларына Алма-Ата - Ташкент ҳәм Нур-Султан - Ташкент жөнелислериниң ҳәр бири бойынша ҳәптесине 42 ге шекем рейсти әмелге асырыўға рухсат берилди. Қалған барлық жөнелислерде ҳәптесине 7 рейске шекем қатнаўға рухсат етилди.
Тәреплердиң тайынланған авиакомпаниялары Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы барлық келисилген жөнелислер бойынша турақлы пәрўазларды әмелге асырған жағдайда, пәрўазлардың рухсат етилген жийилиги ҳәптесине 238 рейсти қурайды.
Сондай-ақ, тәреплер мәмлекетлер арасында турақлы авиақатнаўларды әмелге асырыў ушын белгиленген мәнзиллер санын көбейтиўге келисип алды, деп хабар береди Транспорт министрлигиниң баспасөз хызмети.









