Еки мәмлекет делегацияларының қатнасыўында Өзбекстан-Қазақстан жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын избе-из беккемлеў мәселелери және халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылады.
Саўда, санаат кооперациясы, транспорт ҳәм логистика, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў және жедел аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў дыққат орайында болады.
Еслетип өтиў керек, өткен жылдың апрель айы басында Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилериниң усындай еки тәреплеме ушырасыўы Хийўа қаласында болып өткен еди.