Мәмлекет басшыларына усы тараўлардағы алдынғы шешимлер ҳәм инновациялық қолланбалар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Қазақстан Президентиниң басламасы менен шөлкемлестирилип атырған "Alem.ai" жасалма интеллект орайының презентациясы болып өтти.
Alem.ai - жасалма интеллект тараўында қәнигелерди оқытыў, стартапларды иске қосыў ҳәм илимий изертлеўлерди әмелге асырыў ушын платформа.
Жетекшилер Орайлық Азиядағы ең ири технопарклер бирлеспеси - "Central Asian Innovation Hubs" ("Astana Hub" ва "IT Park Uzbekistan") жумысы менен де танысты.
Президентлер санластырыў тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликтеги IТ өнимлерин жаратыў, жасалма интеллект ҳәм алдынғы мәлимлеме технологиялары тараўындағы миллий стратегияларды өз-ара байланыстырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.