Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентин жаңа Конституция жойбары бойынша референдум табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.

Қабыл етилген жаңаланыўлар Қазақстанның турақлы раўажланыўын буннан былай да тәмийинлеў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын беккемлеў ушын исенимли ҳуқықый тийкар ҳәм қосымша хошамет болатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда қоспа жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысты, болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин додалады.

Мәмлекет басшылары жақынласып киятырған Рамазан ҳайыты ҳәм Наўрыз байрамы мүнәсибети менен де бир-бирин қызғын қутлықлап, еки мәмлекеттиң туўысқан халықларына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.