Өзбекстан ҳәм Тәжикстан энергетика министрлериниң ушырасыўы болып өтти

    15 тамыз 2025 951

    Тәреплер "Орайлық Азияның бирден-бир энергетика системасына қайта жалғаныў" жойбары шеңберинде жүзеге келетуғын техникалық мәселелерге айрықша итибар қаратты.

    Бүгин, 14-август күни Сўғд ўәлаятының Гүлистан қаласында Өзбекстан Республикасы энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов ҳәм Тәжикстан Республикасы энергетика ҳәм суў ресурслары министри Далер Жума арасында ушырасыў болып өтти.

    Сондай-ақ, ушырасыўда еки мәмлекет жанылғы-энергетика компанияларының басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

    Ушырасыўда дос ҳәм туўысқан мәмлекетлердиң басшылары - Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның басламалары менен басланған еки тәреплеме бирге ислесиў байланыслары бүгинги күнде барлық тараўларда, соның ишинде, энергетика тараўында да жедел ҳәм нәтийжели раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

    Сөйлесиўлер даўамында энергетика тараўындағы бирге ислесиўдиң кең көлемли мәселелери көрип шығылды.

    Атап айтқанда, тәреплер 2025-2026-жыллар гүзги-қысқы мәўсими ушын энергетика системаларының жумысын муўапықластырыў, "Орайлық Азияның бирден-бир энергетика системасына қайта жалғаныў" жойбары шеңберинде жүзеге келетуғын техникалық мәселелерге айрықша итибар қаратты.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўдиң бүгинги дәрежесинен қанаатланатуғынын билдирди және еки мәмлекет халықларының мәплери жолында туўысқанлық ҳәм стратегиялық қатнасықларды буннан былай да беккемлеўге таяр екенин тастыйықлады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates