Мәмлекетимиз басшысы бул тарийхый мәмлекетлик сапар етиў туўысқан мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклигин және де беккемлеп, оны жаңа шеклерге алып шығатуғынына исеним билдирди.
Сөйлесиўлер ўақтында сиясий, саўда-экономикалық, транспорт, суў-энергетика ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда биргеликтеги жумыслардың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.
Саўда-экономикалық ҳәм кооперациялық байланысларды кеңейтиў әҳмийетли бағдар сыпатында көрсетип өтилди.
Кейинги жылларда товар алмасыў дерлик 2 есеге көбейип, 1 миллиард доллардан артты. Оның көлемин, бәринен бурын, номенклатурасын кеңейтиў ҳәм өз-ара жеткерип бериўди көбейтиў есабынан 2 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Онда бүгин иске қосылған "Шават-Ташаўыз" шегараалды саўда зонасының орны айрықша. Тәреплер бул тәжирийбени басқа да шегараалды аймақларда, бәринен бурын, Алат-Фараб районында да қолланыў нийетинде.
Регионның транспорт жағынан өз-ара байланыслылығын күшейтиў мақсетинде ҳүкиметлерге автомобиль, темир жол ҳәм теңиз транспортында тасыўларды раўажландырыў, Түркменбашы халықаралық теңиз портынан биргеликте пайдаланыў бойынша усыныслар ислеп шығыў тапсырылды.
Энергетика мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Электр энергиясын жеткерип бериў ҳәм транзит бойынша бирге ислесиўди және де тереңлестириў, еки мәмлекет аймағында қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша умтылыслар исенимли екени тастыйықланды.
Тәреплер қоршаған орталықты қорғаў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў тараўында, соның ишинде, Орайлық Азия регионында бирге ислесиўди раўажландырады.
Және бир тийкарғы бағдар - аймақлараралық бирге ислесиў. Бухара ҳәм Түркменабадта аймақлар форумлары табыслы өткерилди. Жақын арада Хийўа қаласында еки мәмлекеттиң барлық ўәлаятларының қатнасыўында үшинши форум өткериледи.
Үргенш ҳәм Ташкентте табыслы өткерилген Түркменстан мәденияты күнлери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Театрлардың концерт ҳәм гастроллары, жаслар, илимий зыялылар форумлары ҳәм спорт олимпиадаларын турақлы өткерип барыўға келисип алынды.
Сондай-ақ, тәреплер денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илими тараўында әмелий бирге ислесиўди алға қойыўға келисип алды.
Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары шеңберинде регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириўде сезилерли табысларға ерисилди.
Кеше Ташкентте болып өткен жетинши Мәсләҳәт ушырасыўының жуўмақлары региондағы интеграция процесслерине ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
Сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў әмелиятын даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Сөйлесиўдиң жуўмағында туўысқан мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы жолында бирге ислесиўди жедел раўажландырыў ҳәм үлкен нәтийжелерге ерисиў бағдарындағы умтылыслар исенимли екени атап өтилди.











