баннер
10 Apr 2025
19:36

    Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери стратегиялық шерикликти кеңейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-апрель күни "Орайлық Азия - ЕА" биринши саммитинде қатнасыў ушын Самарқанд қаласына келген Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен ушырасыў өткерди.

    Түркменстан Президенти мәмлекетимиз басшысына Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың қызғын сәлемин жеткерди.

    Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

    Өткен жылдың жуўмақларына бола 1,1 миллиард доллардан асқан товар алмасыў көрсеткишлери турақлы өсип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Санаат, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта. Биргеликте "Шават - Ташаўыз" шегараалды саўда зонасы шөлкемлестирилмекте. Жедел аймақлараралық сөйлесиўлер ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў шеңбериндеги илажлар турақлы өткерилмекте.

    Болажақ жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўлар ҳәм көп тәреплеме илажларға таярлық көриў, сондай-ақ, кең көлемли бирге ислесиў бойынша биргеликтеги жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech