Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан жетекшисин тарийхый сәне - Турақлы бийтәрепликтиң отыз жыллығы менен қызғын қутлықлап, ертең усы қутлы сәнеге бағышланған Халықаралық форум табыслы өтиўин тиледи.
Сөйлесиўде Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы стратегиялық шериклик, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын, бәринен бурын, сиясий, парламентлераралық, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда және де кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди де көрип шықты.











