Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы аймақлараралық бирге ислесиў раўажланбақта

    Ҳүкимет 3 маусым 2025 1561

    Усы жылдың 1-2-июнь күнлери Самарқанд қаласында Өзбекстан-Қытай екинши аймақлараралық форумы өткерилди.

    Форум жуўмақлары бойынша, 2-июнь күни Министрлер Кабинетинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Қытай делегациясының басшысы - Қытай Халық Сиясий мәсләҳәт кеңеси баслығының орынбасары, ШБШның қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў бойынша Қытай комитетиниң баслығы Шен Юеюе менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыў алдынан Шен Юеюе ханым Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзинпин ҳәм Қытай Халық Сиясий мәсләҳәт кеңесиниң баслығы Ван Хунинниң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа жоллаған қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерип қойыўды сорады.

    Бүгин еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди. Онда, әлбетте, мәмлекетлеримиз жетекшилери арасындағы шын жүректен дослық байланыслары үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

    Қытай Өзбекстанның ғәрезсизлиги, аймақлық пүтинлиги ҳәм миллий мәплери жолында алып барып атырған сиясатын толық қоллап-қуўатлаўда даўам ететуғынын билдирди.

    Атап өтилгениндей, Өзбекстан Қытайдың Орайлық Азиядағы әҳмийетли саўда-экономикалық шериги болып есапланады. Елимизде Қытай капиталының қатнасыўында 3700 ден аслам қоспа кәрхана жумыс алып бармақта. Инфраструктура, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, "жасыл" энергетика тараўларында ири биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.

    Усы жылдың 1-июнь күни мәмлекетлеримиз арасында күшке кирген визасыз тәртип еки мәмлекет исбилерменлери шеңберинде байланысларды раўажландырыў ҳәм туристлер ағымын және де арттырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғыны, сондай-ақ, Самарқанд қаласында өткерилген екинши аймақлараралық форумның жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлер және қол қойылған аймақлараралық келисимлер ҳәм коммерциялық шәртнамалар өз-ара қатнасықларды раўажландырыўға үлес қосатуғыны атап өтилди.

    Ушырасыўда еки тәреплеме байланысларды буннан былай да кеңейтиў, атап айтқанда, саўда-экономикалық, транспорт ҳәм логистика, санаат кооперациясы, мәдений-гуманитарлық ҳәм илим тараўларындағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates