баннер
22 Mar 2025
08:58

    Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы стратегиялық бирге ислесиў және де беккемленбекте

    Усы жылдың 19-март күни Сенат Баслығы Танзила Нарбаева Қытай Халық Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнт басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиў байланыслары стратегиялық дәрежеге көтерилгени айрықша атап өтилди.

    Сөйлесиў даўамында аймақлараралық байланыслар избе-из кеңейип атырғаны атап өтилди. Соның менен бирге, еки мәмлекеттиң жергиликли ўәкилликли уйымлары арасындағы сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери де додаланды.

    Тәреплер экономика, инвестиция, билимлендириў, мәденият ҳәм туризм бағдарларында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге және парламентлераралық сөйлесиўди жеделлестириўге келисип алды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    Сондай-ақ, 2025-жыл 5-9-апрель күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясында Қытай парламенти делегациясының қатнасыўы бойынша пикир алысылды. Қытай тәрепиниң бул абырайлы илажға үлкен қызығыўшылық билдирип атырғаны еки мәмлекет арасындағы дослық байланыслардың және бир айқын көриниси болды.

    Бул ушырасыў Өзбекстан-Қытай стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў ҳәм және де раўажландырыў жолында әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech