Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўы

    Сиясат 7 желтоқсан 2025 579

    Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды 8-декабрь - Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

    Бул қутлы әййямда барлық ҳуқық ҳәм еркинликлердиң, елимизде тынышлық ҳәм турақлылықтың, аўызбиршилик ҳәм татыўлықтың, демократиялық реформалар артқа қайтпайтуғынынң кепили болған Тийкарғы нызамымыздың турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийетин айрықша сеземиз.

    Халқымыздың сиясий-ҳуқықый ой-пикириниң, еркин ерк-ықрарының тымсалы болған Конституцияда беккемленген норма ҳәм принциплер, әлбетте, Жаңа Өзбекстанды қурыўда бәршемизге үлкен күш-ғайрат, исеним ҳәм илҳам бағышлайды.

    Соның ишинде, халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги екени ҳаққындағы конституциялық принциптиң әмелий тастыйығын, бәринен бурын, және де кең ўәкиллик ҳәм жуўапкершиликлерге ийе болған миллий парламентимиз, биринши мәрте жергиликли Кеңеслердиң депутатлары арасынан сайланған басшылар басшылық ететуғын ўәлаятлық Кеңеслер, жәмийетлик басқарыўдағы орны ҳәм абырайы күн сайын артып баратырған мәҳәлле институтының жумысы мысалында көремиз.

    Быйыл жаңа парламент тәрепинен судлар жумысына байланыслы нызамлар, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиў, елимизде дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, инклюзив жәмийет, жаслар, ҳаял-қызлар мәселелери, кем тәмийинленгенлердиң мәплерин қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў бойынша көплеген әҳмийетли қарарлар қабыл етилгенин айрықша атап өтиў керек.

    Жергиликли Кеңеслер де өз аймағындағы әҳмийетли социаллық машқалаларды шешиўде белсендилик көрсетпекте. Өткен дәўирде олар тәрепинен 25 мыңнан аслам мәселе көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилген, жуўапкерлерге 14 мыңға шамалас депутатлық сораўлар жиберилген.

    Ўәкилликли уйымлар ҳақыйқый халық минберине, халықтың ҳаўазына айланыўы ушын 2026-жыл 1-январьдан баслап район ҳәм қалаларда ҳәкимлер ҳәм тийисли Кеңеслер баслықларының функцияларын ажыратыў бойынша да зәрүр илажларды әмелге асырамыз.

    Биз халық ҳәкимиятшылығы, ўәкиллик демократиясы, Конституция ҳәм нызам үстинлиги сыяқлы конституциялық принциплерге садық қалған ҳалда, бул бағдардағы реформаларымызды және де исенимли даўам еттиремиз.

    Ҳүрметли дослар!

    Бизге белгили, кейинги жылларда мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мәселесине ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийет қаратылмақта. Быйыл "Конституция - инсан қәдири, еркинлик, теңлик ҳәм әдиллик кепили!" деген ийгиликли идеяны өзинде жәмлеген байрам илажларында бул жолда ерисип атырған жетискенликлеримиз ҳәр тәреплеме талланып, жаңа ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынбақта.

    Өткен дәўирде барлық тараў ҳәм тармақларда ерисилген нәтийжелерге баҳа берип, олардың тийкарында, бәринен бурын, инсаныйлық принциплери жәмленгенин айрықша атап өтиў керек. Фактлерге нәзер таслайық: Фактлерге нәзер таслайтуғын болсақ, быйыл халықтың жан басына дәрамат 3 мың 500 долларды қурағаны, мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў 78 процентке, жоқары билимлендириў менен қамтып алыў 42 процентке жеткени, пуқараларымыздың орташа өмир сүриў даўамлылығы 73,8 жастан 75,1 жасқа артқаны ҳәм бундай мысаллар аз емес.

    Конституцияға муўапық мәмлекеттиң социаллық миннетлемелерин орынлаў, елимизде социаллық мәмлекет қурыў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 1 миллионнан аслам пуқара кәмбағаллықтан шығарылып, кәмбағаллық дәрежеси 6,6 процентке түсирилди.

    Экономиканы турақлы раўажландырыў, халықтың мүнәсип турмыс дәрежесин тәмийинлеў, беккем ҳуқықый система ҳәм ашық жәмийет жаратыў жолындағы кең көлемли реформаларымыз дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта.

    2025-жылы Турақлы раўажланыў мақсетлери индексинде Өзбекстан 19 текшеге көтерилди ҳәм бул бағдарда Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия регионларында Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша ең жоқары пәтлерге ерискен мәмлекетлер қатарына кирди. Глобал инновациялық индексинде мәмлекетимиз Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери арасында ең күшли үшликтен орын алды. «S&P», «Fitch», «Moodyʼs» сыяқлы халықаралық агентликлер Өзбекстанның суверен кредит рейтингин көтерди.

    Кейинги 40 жылда биринши мәрте абырайлы халықаралық әнжуман - ЮНЕСКОның Бас конференциясы Парижден тысқарыда, Самарқандта табыслы өткерилгени де дүнья жәмийетшилигинде әҳмийетли ўақыя сыпатында тән алынбақта.

    Қәдирли ўатанласлар!

    Бүгинги күнде әмелге асырылып атырған реформаларымыз шешиўши басқышқа қәдем қойып, Конституциямыздағы ҳәр бир норманы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста әмелий жумыслардың өлшемине айландырыўымыз зәрүр. Жасларымызға Тийкарғы нызамымыздың мазмун-мәнисин ҳәр тәреплеме түсиндирип бериў, оларды конституциялық қәдириятлар тийкарында жоқары сана-сезимге, сиясий пикирлеў ҳәм ҳуқықый мәдениятқа ийе болған ҳақыйқый ўатансүйгиш инсанлар етип тәрбиялаў оғада әҳмийетли ўазыйпамыз болып табылады.

    Биз Конституция ҳәм нызамларымызды терең қәдирлеўимиз, беккем ҳуқықый билим ҳәм әмелий тәжирийбеге ийе болыўымыз керек, сонда ғана мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларды басқарыўда белсене қатнасып, Ўатанымыз ҳәм халқымыз алдындағы перзентлик миннетимизди мақтаныш пенен өтеймиз. Сонда ғана Тийкарғы нызамымыздың өмир бағышлаўшы күши, дөретиўшилик потенциалы және де айқын көринеди.

    Бәршемиз ушын миллий ғәрезсизлик ҳәм мақтаныш тымсалына айланған Конституциямыздың әжайып байрамы менен сизлерди және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

    Сиз, әзиз ўатанласларымызға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

    Конституциямыздың жаратыўшысы, барлық жетискенликлеримиздиң дөретиўшиси болған мәрт ҳәм уллы халқымызға даңқ!

    Шавкат Мирзиёев,

    Өзбекстан Республикасы Президенти


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates