«Trip.com» вице-президенти Эдисон Чен ҳәм «Alibaba Fliggy» вице-президенти Ли Янг пенен ушырасыўларда Қытай онлайн саўда базарында Өзбекстанға туристлик пакетлер сегментин кеңейтиў бойынша биргеликтеги илажлар додаланды.
Ушырасыў қатнасыўшылары Өзбекстанның қытайлы туристлерди тартыўды арттырыўға жәрдем беретуғын санлы технологиялар ҳәм онлайн платформалар тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.